Саламат Авезов

| |

ҒӘЗЗЕЛ МҮЛКИНИҢ СУЛТАНЫ

Сана: 08.02.2018  |  Муаллиф: Улбосын УТЕМУРАТОВА  |  Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы  |  Ўқилди: 1785Шарҳ 0

«Егер биз Өзбекистанды дүньяға танытпақшы, оның әййемги тарийхы ҳәм жарқын келешегин улығлаў, оны әўладлар ядында мәңги сақламақшы болсақ, ең дәслеп уллы жазыўшыларды, уллы шайырларды, уллы дөретиўшилерди улығлаўымыз керек» деген еди, елимиадин Биринши Президенти Ислам Кәримов.

Пүткил халқымыз ардағындағы уллы шайыр, ғәззел мүлкиниң султаны Әлийшер Наўайы туўылған 9-февраль сәнеси республикамыз бойлап жыл сайын кең түрде белгиленип келинбекте. Усындай илажлардың бири жақында Қарақадпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы 4-санлы герец ҳәм шала еситиўши балалар ушын қәнигелестирилген мәмлекетлик билимлендириў мәкемесинде де шөлкемлестирилди. Кешени мектеп-интернат директоры Р.Каландарова кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды. Директордың оқыў ислери бойынша орынбасары М.Хощанова, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими, ана тили ҳәм әдебияты метод бирлеспеси ағзалары, бир қатар педагог хызметкерлер қатнасқан бул кешеде оқыўшыларға Әлийшер Наўайының өмири ҳәм дөретиўшилги туўралы кең түрде түсиник берилди. Видеороликлер арқалы оның шығармалары талқыланды. Сондай-ақ, мектеп-интернат тәрбияланыўшылары шайырдың қосық ҳәм ғәззеллеринен көркемлеп оқып, кешеге өзгеше заўық бағышлады.

Өзбекистан Республикасының Биринши Президентн И.Кәримов Әлийшер Наўайыға «Егер бул инсанды әўлийе десек, ол әўлийелердиң әўлийеси, ойшыл десек, ойшыллардың ойшылы, шайыр десек, шайырлардың султаны» деп ҳақыйқый тәрийп берген еди. Әлбетте, бундай мәңги жасайтуғын уллы тулғалар ҳаққында қанша айтсақ та, қанша жазсақ та аз. Ал, бундай илажлардың тез-тез өткерилиўин болса Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң «Китап оқыў мәжбүрликке емес, зәрүрликке айланады» деген дана пикирлериниң айқын мысалы деп айта аламыз ҳәм олар арқалы оқыўшыларымыздың китапқумарлыққа деген ықласын арттырған боламыз.

Улбосын УТЕМУРАТОВА,
ҚР ХБМ не қараслы 4-санлы герең ҳәм шала еситиўши
балалар ушын қәнигелестирилген мәмлекетлик билимлендириў
мәкемесиниң ана тили ҳәм әдебияты пәнн окытыўшысы.

Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы
8-февраль, 2018-жыл. №6 (7970)

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top