Саламат Авезов

| |

ХАЛЫҚ ПЕНЕН ТЫҒЫЗ БАЙЛАНЫСТАҒЫ ИСЛЕР

Сана: 08.02.2018  |  Муаллиф: Жумагүл ЕМБЕРГЕНОВА  |  Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы  |  Ўқилди: 1405Шарҳ 0

Бүгинги күнде елимизде жүз берип атырған үлкен жаңалықлар мәкан пуқаралар жыйынларында айқын көзге тасланады. Әсиресе, халыктың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы турмыс тәризин және де жақсылаўға бағдарланған ислер жаңаша түс алған. Тийисли шөлкемлер менен биргеликте кем тәмийинленген шаңарақлар, жәрдемге мүгәж инсанлар материаллық жақтан қоллап-куўатланып, ннсаныйлык пазыйлетлердиң жоқары үлгилери көзге тасланбақта. Пайтахтымыздағы 8-санлы «Тынышлық» МПЖ да болғанымызда түрли мәселелер менен келип турған жыйын турғынларын ушыраттық.

Кимиси жеңиллетилген кредит бойынша болса, кимиси мағлыўматнама ҳәм тийисли напақалары жөниңде ҳәм тағы баска турмыслық мәселелер менен келген. Олардың талапларының нунамлы шешим табыўында бул орынның өз ўазыйпасы бар.

— Мәканымызда 19 көше жайласқан. Олар 642 шаңарақ болып, 4874 адам жасайды. Ҳәр бир шаңарақ ҳәр бир турғын менен көше бийлери арқалы тығыз байланыстамыз. Ис-режемиз тийкарында жыл даўамында тийисли илажлар шеңберинде бир қатар жумыслар орынланып келмекте. Өткен жылы жыл атамасына байланыслы исши топар ағзалары менен биргеликте халықтың машқалалары бойынша ҳәр бир шаңараққа кирип, сораўнама тийкарында жазба рәўиште жазылып, анықланған машқалалар тийисли орынларға жиберилди. Сондай-ақ, аймағымыздағы жасаўшы пукаралардың шаңарақларына бирме-бир кирилип, жеңиллетилген процент пенен кредитлер бар екенлиги халыққа түсиндирилди. Өнерментшилик, нан жабыў цехы, шаштәрезханалар ашыўға болатуғынлығы банк хызметкерлери менен биргеликге түсиндирилди. Он бир пуқараға кредит берилди. Ҳәзирги ўакытта олардың жағдайы жақсыланып, кем тәмийинленген шаңарақлар қатары азайып атыр.

Жақында Қарақалпақстан Республикасы Кәсиплик аўкамы шөлкемлери кеңеси тәрепинен «Едиге батыр» көшесинде жасаўшы, шаңарағында жәрдемге мүтәж майып қызы бар О. Мәмбеткаримоваға газ плита ҳәм Наўайы көшеси турғыны, 2-топар майыбы А.Жамаловаға микротолқынлы печь берилди, – дейди 8-санлы «Тынышлық» МПЖ баслығы З.Палўанова.

Ҳаял-қызлар – шанарақтың гүли ҳәм уйытқысы. Шаңарақ татыўлығын сақлаўда олардың орны айрықша. Жыйын баслығының диний билимлендириў ҳәм руўхый әдеп-икрамлылыққа тәрбиялаў мәселелери бойынша мәсләҳәтши Д.Әўмежова арқалы мәкандағы ҳаял-қызлар турмысы менен таныстық.

«Халық пенен пикирлесиў» журналында барлық өткерилген илажлар өз көринисин тапкан. Аймақ ҳаял-қызлары арасында 1 ҳәм 2-поликлиника шыпакерлери менен биргеликте пукаралардың үйлерине барып, сырт елде жумыс ислеп келген пуқараларды медициналық тексериўден өткериў бойынша тийислн жумыслар жүргизилди. Шаңарақта саламат орталықты қәлиплестириў абзаллығының әпиўайы қағыйлалары тусиндирилди.

Жергиликли жасаў аймағымыз-үлкен тәрбия орны. Бул орталықта ҳәр күни жасы үлкенге ҳүрмет, жасы кишиге иззет көрсетиўдей ағла пазыйлетлердиң гүўасы боламыз. Шаңарақтың ҳәр бир ағзасын спорт пенен досластырыў, саламатлығын беккемлеў максетинде «Атам, анам ҳәм мен» атамасындағы спорт жарысына шаңарақлар белсене қатнасты. МПЖлар арасында өткерилген баскышта А.Шамуратова көшесинде жасаўшы Замира Турееваның шаңарағы қатнасып, шөлкемлестириўшнлер тәрепинен ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды. «Меҳрибан кәйин ене» танлаўында Ж.Сейтниязов көшесинде жасаўшы Ғумшагүл Реймованың шаңарағы МПЖлар арасында 3-орынды алып, естелик саўға ҳәм ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.

Ҳаял-қызлардың бос ўакытларын пайдалы өткериўи ушын МПЖ қасынан Нөкис қалалық «Бәркамал әўлад» балалар орайының дөгереги жумыс ислеп тур. Мектеп окыўшылары да бос ўакытларында келип, бийпул тоқымашылық өнерин үйренип атырғаның ушыраттык, Үлкен байрам сәнелеринде ҳәм танлаўларда бул дөгерек ағзалары өз өнерлериниң көргизбеси менен қатнасып келмекте.

Мәкан пуқаралар жыйыны – мәмлекеттиң үлкен бир буўыны. Турмыслық хызмет көрсетиў орынлары, саўда шақапшалары, сервис хызметлери жумыслары да елимиз раўажланыўына өз үлеслерин қосып бармақта. Олар да мәмлекетимиз тәрепинен халыққа жаратып берип атырған шараятлардан кеўли тоқ.  

Жумагүл ЕМБЕРГЕНОВА.
Сүўретте: Нөкис қалалық 8-санлы МПЖ турмысынан көринис.

Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы
8-февраль, 2018-жыл. №6 (7970)

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top