Саламат Авезов

| |

ЖАСЛАР САЛАМАТЛЫҒЬН БЕККЕМЛЕЎ ЖОЛЫНДА

Сана: 22.02.2018  |  Муаллиф: Өмирбай АБДИЎАЛИЕВ  |  Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы  |  Ўқилди: 1351Шарҳ 0

Ҳәзирги күнде Президентимиз жаслар мәселесине үлкен итибар қаратып атыр, себеби, олар келешегимиз, елимиздиң ергеңги ийелери болып саналады. Әлбетте, жаслардың ҳәр тәреплеме ақьллы, дана, саў-саламат, бәркамал инсанлар болып жетисиўинде ҳәр қандай тараў хызметкерлери аянбай мийнет етиў тийис.

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы 4-санлы герең ҳәм шала еситиўши балалар ушын қәнигелестирилген билимлендириў мәкемесинде оқыўшы-жаслардың ҳәр тәреплеме бәркамал инсан болып жетилисиўи ушын, репродуктив саламатлық, ерте турмыс қурыў ҳәм жақын ағайинлер арасындағы некениң алдын алыў мақсетинде окыўшы-жаслар менен ушырасыў кешеси болып өтти. Оған пайтахтымыздағы Республикалық халықтың репродуктив саламатлық орайы Нөкис филиалының өспирим қызлар гинеколог шыпакери Палзала Қошқарбаева, билимлендириў мәкемеси директоры Рано Қаландарова ҳәм мектеп-интернат оқыўшылары қатнасты.

Кешде Репродуктив саламатлық орайы хызметкери П.Қошқарова оқыўшы-жаслар менен репродуктив саламатлық, ерте турмыс қурыў, агайинлер арасындағы некениң ақыбетлери ҳәм жасларда өспиримлик дәўиринде болатуғын физиологиялық процеслер ҳаккында айтып өтти.

Ҳәзирги ўакытта өспирим жаслардың мектеп яки колледжди тамамламай, қолында бир кәскп өнери болмай турып турмыс қурып, буның нәтийжесинде көпшилик жаслар бир-бирин түсиниспей аджырасып атырғанлары енди мектепти таманлап, мен жигит болдым деп, темеки ҳәм спиртли ишииликлер ишип өзлериниң саламатлықларына өзлери зыян тийгизип атырған ер балалар ҳаккында да сөз етти.

Әлбетте, биз бүгинги жаслар менен биргеликге жақыннан ислессек, олар ертеңи күни өз жолын табыўда қыйыншылықларға ушырамайды. Бундай жаслар елимизди дүньяға танытып, бул елдиң жасларының қандай күш-күдиретке ийе екенликлерин дәлиллей алады.

Өмирбай АБДИЎАЛИЕВ,
4-санлы мектеп-интернаттының басланғыш шөлкем жетекшиси.

Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы
22-февраль, 2018-жыл. №6 (7972)

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top