Саламат Авезов

| |

БАРЛЫҒЫ ТӘРБИЯЛАНЫЎШЫЛАРЫМЫЗ УШЫН

Сана: 22.02.2018  |  Муаллиф: Меҳрибану ҚАЛБАЕВА  |  Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы  |  Ўқилди: 1255Шарҳ 0

Келешегимиз тиреги болған бәркамал әўладты ҳәр тәреплеме билимли, тәрбиялы ҳәм кәмил инсан етип тәрбиялаўда республикалық 10-санлы көзи әззи ҳәм шала көриўши балалар ушын қәнигелестирилген мәмлекетлик мектеп-интернатының орны гиреўли.
Бул оқыў дәргайында тәрбияланыўшылардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў ушын компьютер, шет тили, тоқыма тоқыў, аяк ойын, азада қызлар, жеңил атлетика, шахмат-шашка дөгереклери ҳәрекет етип тур. Буннан тысқары, республикалық «Бәркамал эўлад» балалар орайынан «Сүўретлеў өнери», Есжан бақсы атындағы балалар муыка мектебинен «Дуўтар» ҳәм «Эстрада» жөнелислери бойынша қәнигели педагоглар саз сырларын үйретил келмекте.

Мектеп интернатымызда өз исиниң маманы болған кәсиплеслеримиз көплеп табылады. Олардан рус тилннен Елиэавета Қудиярова ҳәм инглнс тили бойынша Турсынай Жаббарбергеновалар шет таллерин үйрениўди талап дәрежесинде шөлкемлестириў, оқытыў усылларын жетилистириў, оқыўшылардың бул пәнлсрге болған қызығыўшылығын арттырыў арқалы олардың. дүнья танымын кеңейтиў, озық ойлы, ақыл-парасатлы, кәмил инсанлар болып жстилисиўи тәмийиилеўге өз үлеслерин қосып қиятыр.

Жаңа жыл байрамында түрли ҳанўан көринисиндеги кийимлерди тигип, көзге түсип киятырған «Тигиўшилик» дөгерегиниң муғаллими Эльмира Авезмуратованың да мийнетлерин атап өтиў орынлы. Бул дөгерек жақында ашылса да қызларды өзинде жәмлеп, олардың тигиўге болған қызығыўшылығын арттырып бармақта.

Мектеп-интернатымызда ул балалар ушын ҳәр қыйлы спорт жарыслары еткериледи. Бугинги күнде тәрбияланыўшыларымыз республика көлеминде имканияты шекленген балалар арасында өткерилип атырған паралимпиада спорт жарысларына белсене қатнасып, сыйлы орынларды ийелеп келмекте.

Мектеп-интернат тәрбияланыўшылары ушын оқыў жылы даўамында республикамыз аймағында жайласқан дем алыў орынларына, музей ҳәм театрларға саяхатлар шөлкемлестириў жақсы жолға қойылған. Булардың бәри келешегимиз ийелери болған жас аўладқа сапалы тәлим-тәрбия бериў жолындағы жумыслар болып есапланады.

Меҳрибану ҚАЛБАЕВА,
Республикалық 10-санлы көзи әззи ҳәм шала көриўши
балалар ушын қәннгелестирилген мәмлекетлик
мектеп-интернаты тәрбияшысы, тифлопедагог.

Сүўретте: мектеп-ннтернат турмысынян көрннис.

Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы
22-февраль, 2018-жыл. №6 (7972)

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top