Саламат Авезов

| |

ОЛАР МӘМЛЕКЕТИМИЗ ҒАМҚОРЛЫҒЫНДА

Сана: 15.03.2018  |  Муаллиф: Гәўҳар СЕЙИТМУРАТОВА  |  Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы  |  Ўқилди: 1285Шарҳ 0

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы 10-санлы көзи әззи ҳәм шала көриўши балалар ушын қәнигелестирилген мәмлекетлик мектеп-интернаты Нөкис қаласы, «Таслақ» елаты, 21-мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан. Мектеп-интернати Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2001-жыл 21-февральдағы 28-б-санлы қарары тийкарында шөлкемлестирилип, усы жылы өз жумысын баслады. Ҳәзирги күнде мектеп-интернатта тәрбияланып атырған 227 оқыўшыға тыянақлы, сапалы билим алыўы ушын барлық имканиятлар жаратылып берилген.

Оларға 80 муғаллим, 62 тәрбияшы тәлим-тәрбия берип атыр. Муғаллим ҳәм тәрбияшылардң барлығы жоқары мағлыўматлы «тифлопедагог» қәнигелер саналады. Мектеп-интернатқа Өзбекстан Республикасы халық билимлендириўи ағласы Нурлыбай Қайыпбергенов басшылық егип келмекте.

Мектеп-интернат китапханасында 8232 дана китап бар. Соннан 4900 данасы брайль системасындағы сабақлықлар, 932 данасы әдебий китап ҳәм қалғаны Президент мийнетлери. Ал, брайль системасындағы әдебий китаплар саны 70 дананы қурайды.

Китапханада жыллық ис-реже тийкарында ҳәр оқыў жылында «Китаплар байрамы», «Балалар әдебияты күнлери» шөлкемлестириледи ҳәм онда өткерилген акциялар нәтийжесинде жаңа китаплар қабыл етиледи.

2017-2018-оқыў жылында 1-класс оқыўшылары 273 дана 13 атамадағы сабақлық пенен тәмийинленди. Баслаўыш класс муғаллимлери «Әлипбе», «Ана тили», «Оқыў», «Математика», «Әти-рапымыздағы әлем» сабақлары ушын методикалық қолланба ҳәм электрон дисклер менен толық тәмийинленген.

Мектеп-интернатымызда көзи әззи тәрбияланыўшылардың нуқсанларын дүзетиў бойынша пән сабақларынан тысқары «Емлеў гимнастикасы», «Көриў қәбилетин раўажландырыў», «Ритмикалық шынығыўлар», «Логопедиялық шынығыўлар», «Бағдар алыў ҳәм ҳәрекетлениў», «Социаллық турмысқа бағдарлаў», «Майда қол маторикасы», «Тери сезгирлигин раўажландырыў» коррекцион пәнлери жоқары мағлыўматлы дефектолог ҳәм логопед оқытыўшылар тәрепинен алып барылады.

Ҳәзирги ўақытта мектеп-интернатымызда 17 атамадағы дөгерек турақлы ислеп турыпты. Оларға 187 тәрбияланыўшы қамтылған.

Бул жумыслардың барлығы да ертеңги келешегимиз балалар ушын исленип атыр. Балаларымыз қаншелли билимли. мәнаўиятлы болса, келешегимиз де жарқын болады. Сондай-ақ, барлық ҳәрекетимиз бүгин нуқсаны бар адам жәмийеттен шетте емес, ал, оның ишинде, тең ҳуқықлы ағзасы екенлигин билип жасаўына қаратылған.

Гәўҳар СЕЙИТМУРАТОВА,
усы мектеп-интернаттың 4-«б» класс тәрбияшысы.

Сүўретте: мектеп-интернат турмысынан көринис.

Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы
15-март, 2018-жыл. №11 (7975)

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top