Саламат Авезов

| |

ЖАСЛАР БЕЛСЕНДИЛИГИ – ЕЛИМИЗ РАЎАЖЫ

Сана: 21.06.2018  |  Муаллиф: Наргаза НУРИЕВА  |  Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы  |  Ўқилди: 1230Шарҳ 0

Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы халкының саны 1 817 491 болып, соннан 1 083 507 син жаслар курайды. Мине, усы жаслардың искерлик, окыўларда ҳәм жумысларда, барлық тараўларда белсендилик көрсетиўинде Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң көрсетип атырған әмелий жәрдемлерн жүдә жоқары болып келмекте. Өзбекстан Жаслар аўқамының 1 479 басланғыш шөлкеми бар болып, оларда 173 382 жас Жаслар аўқамына, 226 625 бала «Камалак» ағзалығына қабыл етилген.

Ресбпубликамыз жаслары арасында 25 903 жигит-қыаларымыз жумыссыз жүрген болса, солардан 1 890 жас аўқам тәрепинен өзлериниң қәнигеликлери бойынша жумысқа орналастырылды. 2017-жыл пахта жыйын-терим мәўсиминде 103 «Пидайы жаслар отрядлары»-на 8 400 ден артық жәмлеспеген жаслар бириктирилип, елимиз экономикасының раўажланыўына ат салысты.

Аўқамның әмелий жәрдемлериниң және бир көриниси, социаллық жәрдемге мүтәж жасларымыздың 33 и майыплар арбашасы, 5 велосипед, 145 жасқа азық-аўкат өнимлери, 120 сына окыў қураллары, 10 үйге ремонт жумыслары, екиўине еситиў қурылмасы, үшеўиие тигиў машиналары бийминнет инам етилди. Сондай-ақ, олардың исбилерменлик пенен шуғыллланыўы ушын 22 жасқа 14 процентген 684 млн. 500 мың сум женңиллетилген кредитлср ажыратылып, жәми 54 жаңа жумыс орынлары ашылды.

Аўқамның және бир жаңалықларынан бири, усы жылдың 15-февраль күни пайтахтымызда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм де бир қаттар кәрхана, шөлкемлер менен биргеликте «Жаслар-келешек курыўшысы» атамасында жас исбилерменлер, өнерментлер ҳәм фермерлер тәрепинен ислеп шығарылған миллий өнимлер саўдасы көргизбеси ҳәм жасларды жаңа жумыс орынлары менен тәмийинлеў бойынша мийнет ярмаркасы өткерилди. Соның ишинде 553 жасларымыз жумыс пенен тәмийинленди.

Келешегимиз ийелериниң оқыў менен бирге қосымша бос ўакытларын үнемли өткериўи ушын Республика Жаслар орайында 33 дөгерек ҳәм орайлар шөлкемлестирилип, ол жерде 6500 ден артық жаслар оқытылды.

Илимге қуштар, ҳәр бир тараўда белсенди, жетискенликлери менен дүньяны таң қалдырып атырған бүгингн жасларымыз турмысы аўқам менен тығыз байланыслы. Аўқам усындай ҳәр иске жуўапкершилик пенен қарайтуғын пидайыларға өз жәрдемлерин берип келеди. Жоқары окыў орынларындағы оннан артық шәртнама тийкарында тәлим алып атырған толык жетим, имканияты шекленген ҳәм де Меҳрибаклык үйинде тәрбияланған студентлер «Тәлим гранты»ның женимпазлары болып, оларға шәртнама пулларының 50 проценти төлеп берилди.

Аўкамның усы күнге шекемги ислеп атырған жумысларының бәршеси тек ғана жаслар ушын. Олардың интеллектуал билим дәрежесин, ис тәжирийбесин, өмир философиясын раўажландырыў ушын. Ертеңинен үмит күттиретуғын жасларымызға бәлент пәрўазлар тилеймиз!

Наргаза НУРИЕВА.

Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы
21-июнь, 2018-жыл. №25 (7989)

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top