Сана: 13.09.2018 | Муаллиф: Наргаза НУРИЕВА | Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы | Ўқилди: 1835Шарҳ 0
Инсан саламатлығы барлық нәрседен жоқары. Ҳәр биримиз өз денсаўлығымызға турақлы түрде итибар берип қарасақ, өмиримизге кери тәсир ететуғын жаман иллетлерден сақланған боламыз.
Елимизде жасап атырған пуқараларымыздың денсаўлыкларының беккемлениўи, жуқпалы кеселликлердиң алдын алып, еми жоқ кеселликлердиң болдырмаўын тәмийинлеў мақсетинде бир қатар жумыслар әмелге асырылмакта.
Жақында Ташкент қаласынан келген бир топар жоқары дәрежели шыпакерлер республикамызың барлық қала ҳәм районларында жайласқан емлеўханалар, шаңарақ поликлиникаларында, аўыллық шыпакерлик пунктлеринде болып, аймақларда жасаўшы барлық турғынларды медициналық тексериўден өткерди.
Әсиресе, балалығынан майыплығы бар кишкенелерге айрықша итибар қаратып, олардың ата-аналары менен сәўбетлер өткерди. Олардың ишинде операция исленген жағдайда саламатлығы тикленип кететуғын кишкенелерли дизимге алды ҳәм мәмлекет тәрепинен жеңилликлер бар екенлигин түсиндирди.
Буннан соң шыпакерлер пайтахтымыздағы 4-санлы шаңарак поликлиникасында ҳәм Нөкис қалалық медицина бирлеспесинде де Нөкис қаласында жасаўшы жас баһлаларды тексериўден өткерди.
— Халық саламатлығын беккемлеў – бизлердин тийкарғы максетимиз. Бул өткерилип атырған медициналық тексериўлердиң барлығы бийпул. Пуқараларымыздың көпшилиги өзлеринде жүз берип атырған қолайсыз жағдайларын айтып, тәжирийбели шыпакерлеримнзден өзлерине керекли болған мәсләҳәтлерди алды. Усындай илажларды Шымбай, Кегейли, Қоңырат, Хожели, Елликқала, Беруний ҳәм Әмиўдәрья районларында да даўам еттиремиз, – дейди Ташкент Медицина академиясы 3-санлы клиникасының жоқары категориялы невропатолог шыпакери А.Ғуломов.
Наргаза НУРИЕВА.
Дерек: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы
13-сентябрь, 2018-жыл. №37 (8001)
Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...