Саламат Авезов

| |

ЖОЙБАР ЖУМЫСЛАРЫ ДОДАЛАНДЫ

Сана: 21.09.2018  |  Муаллиф: KKNEWS.uz  |  Манба: KKNEWS.uz  |  Ўқилди: 456Шарҳ 0

20-сентябрь күни Шоманай районында Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң «Балалықтан майыплығы болған балалардың шаңарақ ағзаларын турақлы реабилитациялаў ҳәм жәмийетке бейимлестириў илажларын үйретиў» жойбары шеңберинде дөгерек сәўбет болып өтти. Илажға Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайы, денсаўлықты сақлаў тараўының, ғалаба хабар қуралларының, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының, Жаслар аўқамы районлық кеңесиниң жуўаплы хызметкерлери қатнасты.

– Бул жойбар шеңберинде жәми 19 церебрал ләң балаларды жәмийетке бейимлестириў, оларды күтиў, ата-аналарының медициналық ҳәм ҳуқықый саўатлылығын арттырыў нәзерде тутылған, – дейди районлық медицина бирлеспеси невролог шыпакери Жанна Джариева. – Мениң тәжирийбемде узақ ўақытлардан берли емленип киятырған қыз бар. Дәслеп оны емлеўханаға үлкен күш пенен алып келдик. Сол ўақытта өмирге, келешекке болған исеними сөнип қалған еди. Дерлик он жылдан берли емленеди, денсаўлығына итибарлы, жуўапкершиликли. Ҳәзир сондай талантлы, саўатлы, инталы, жәмийетимиздиң белсенди ағзасына айланды. Соның менен бирге, шет тиллерин де меңгерип атыр. Өзин ҳәмме нәрсеге уқыплы, ҳақылы деп есаплайды. Ҳәттеки, мәмлекетлик грант пенен оқыўға да кирип, студент болды. Бул жерде мен сөз итибарда ҳәм жумысты дурыс алып барыўда екенин айтпақшыман.

– Бизиң бул жойбардан мақсетимиз ата-аналар менен медицина хызметкерлери арасында бирге ислесиў механизмин жарата отырып, балаларды жәмийетке бейимлестирип барыў, оларды итибарсыз қалдырмаў, социаллық шерикликтиң нәтийжели жумысын тәмийинлеў болып табылады, – дейди Пуқаралардың басламаларын қоллап-қуўатлаў орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң директоры Гулсара Жоллыбекова. – Бул тек сол балалардың ата-аналарының машқаласы емес, ал сол орталықтың, пүткил жәмийетимиздиң машқаласы екенин түсиниўимиз, биргеликте жумыс алып барыўымыз керек.

Илаж соңында жыйналғанлар бир қатар пикир-усыныслар билдирди. Соның ишинде, майыплығы болған балалардың ата-аналары, жақынлары ушын психологтың жәрдеми зәрүрлиги, наўқаслардың түрине қарай напақа төлеў ямаса майыплығы болған шахсты тек ғана зәрүр нәрселер менен тәмийинлеў системасын енгизиў, айрымларда ийек артыўшылық кейпиятын емес, ал медициналық ҳәм ҳуқықый саўатын арттырыў сыяқлы мәселелер ортаға тасланды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top