Саламат Авезов

| |

КӨЗИ ӘЗЗИЛЕРГЕ АРНАЛҒАН ӘДЕБИЯТЛАР ЖӘНЕ ДЕ КӨБЕЙЕДИ

Сана: 27.09.2018  |  Муаллиф: М.Пирназарова  |  Манба: KKNEWS.uz  |  Ўқилди: 1530Шарҳ 0

Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Республика орайлық көзи әззилер китапханасы тәрепинен «Системадағы китапхана бөлимлериниң ҳәм филиалларының жумысларын дурыс шөлкемлестириўде методикалық басшылық етиў» атамасында республикалық семинар шөлкемлестирилди. 
Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги системасында көзи әззилер ушын арналған 66 китапхана болып, Республика орайлық көзи әззилер китапханасының өзинде 150 мыңға шамалас китаплар бар.

Бул китаплар көриў қәбилети шекленген пуқаралар ҳәм олардың шаңарақ ағзаларына, көзи әззилер системасындағы шөлкемлер, мәкеме ҳәм кәрханаларда хызмет етиўшилерге, көз кеселликлери бойынша жумыс алып баратуғын шыпакерлерге, көзи әззи ямаса шала көретуғын балаларға, оқыўшы ҳәм оқытыўшыларға хызмет көрсетеди. Системадағы китапханалар фонды брайль әлипбесинде басып шығарылған китаплар, магнитли ленталарға жазылған сөйлеўши диск ҳәм кассеталар, бөртпе ҳәрипли китаплар ҳәм күнделикли басылымлар менен тәмийинленген.

Бул бағдардағы жумысларды және де жетилистириў, китапханалардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, тараў қәнигелериниң тәжирийбесин арттырыў мақсетинде шөлкемлестирилген семинарға Өзбекстанның барлық қала ҳәм ўәлаятларынан көзи әззилер ушын шөлкемлестирилген китапханалардың хызметкерлери қатнасты.

Семинар даўамында орынлардағы усындай китапханаларды жаңа әдебиятлар менен толықтырып барыў, китапхана жумысларының нәтийжелилигин тәмийинлеў арқалы көзи әззи инсанларға жақыннан жәрдем бериў баслы бағдар етип алынды.

Семинар қатнасыўшылары өз-ара пикир алысып, биргеликте жумыс алып барыў бойынша усынысларын билдирди.

М.Пирназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

Дерек: Қарақалпақстан Хабар Агентлиги Рәсмий веб-сайты

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top