Саламат Авезов

| |

Қанлыкөл районы 3-сектор тәрепинен исленген жумыслар

Сана: 15.05.2019  |  Муаллиф: Makan.uz  |  Манба: Makan.uz  |  Ўқилди: 1526Шарҳ 0

Қанлыкөл районы Ишки ислер бөлими ҳәм 3-сектор баслығы Хожамуратов Мухамметали Алламбергенович болып, ҳәзирги күнде 3-сектор бойынша өз жумысына жуўапкершилик пенен қараған ҳалда бир неше жумыслар әмелге асырылмақта. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 8-январь күнги “Аймақларды комплекс социаллық ҳәм экономикалық раўажландырыў бойынша секторлар хызметин және де жеделлестириўге байланыслы  қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-4102-санлы қарарының орынланыўыны тәмийинлеў бойынша

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2019-жыл 11-январь күнги 10-санлы қарардың орынланыўын сөзсиз орынлаў мақсетинде Қанлыкөл районы Ҳәкиминиң  2019-жыл 17-январь күни 30/1-санлы қарырына муўапық  ишши топарлары шөлкемлестирилип 3-секторға 26-штаб ағзалары бекитилип  Қанлыкөл районы ИИБ 3-сектор баслығына  Қосжап АПЖ ҳәм Жайхун МПЖ бекитилген.

3-сектор ҳәкимишилик аймағында 1480 хожалықта 1846 шаңарақ болып 10210 пуқараның 5192 еркек, 5018 ҳаял кызлар, 3068 жас өспиримнен  ибарат. 3-сектор штаб ағзалары тәрепинен үйме-үй кирип машқалаларын үйрениў дәўиринде 281-машқала анықланып бугинги күнде 213-машқалалар өз шешимин тапты. Буннан тысқары  3-сектор баслығы тәрепинен кәрхана мәкеме, шөлкемлер ҳәм уйымлар баслықлары менен биргеликте көшпели ушырасыўлар ҳәр ҳәптениң шемби күни шөлкемлестирилип, онда пуқаралардың машқалаларын өз орнында шешиў жумыслары әмелге асырылмақта.

“Қосжап” АПЖ штаб ағзалары тәрепинен үйме-үй кирип, пуқаралардың өз қыйтақ жерлерине егин ектириў бойынша унамлы жумыслар әмелге асырылды. Яғный, 167 кем тәмийинленген пуқараларға помидор нәллери менен биргеликте ҳәр бирине 7 түрдеги мийўели терек нәллери берилди., 3-секторға бекитилген “Қосжап” АПЖ 2019-жылы “Абат аўыл” бағдарламасына  киргизилгенлиги себепли абаданластырыў жумыслары менен  биргеликте, ири қурылыс жумыслары әмелге асырылды.

3-сектор штаб ағзалары тәрепинен кем тәмийинленген пуқаралардың үйлерин абаданластырыўда өз жәрдемлерин берди.

Сектор аймағында бир неше мәретебе китап ярмаркалары шөлкемлестирилди.

3-сектор штаб орны Қанлыкөл районы “Қосжап” АПЖ да жайласқан болып район аймағынан 35-километр узақлықта жайласқанлығы себепли нәгиран, төсек тартып жатқан аўыр кеселликке шалынған пуқаралар ҳәмде үлкен жастағы ата ҳәм аналарымызға жеңилликлер менен биргеликте қолайлықлар жаратыў мақсетинде 2019-жыл 14-май күни 3-сектор баслығы тәрепинен Қанлыкөл районы ИИБниң Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў хызметин 3-сектор имаратына алып келген ҳалда бул пуқараларға Өзбекстан Республикасының биометрикалық пуқаралық паспортын бериў мақсетинде бармақ излери алынып фото сүўретке түсирилди.

Қанлыкөл районы 3-сектор тәрепинен пуқаралардың машқалаларын үйрениў жумыслары даўам етпекте.

Дерек: Makan.uz – Мәмлекетимиздеги жаңалықлар порталы

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top