Саламат Авезов

| |

БАЛАЛАРДЫҢ КЕЎИЛЛИ ҲӘПТЕЛИГИ БАСЛАНДЫ

Сана: 30.05.2019  |  Муаллиф: М.ПИРНАЗАРОВА  |  Манба: KKNEWS.uz  |  Ўқилди: 1537Шарҳ 0

Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында Қарақалпақстан Республикасы Мәденият, Халық билимлендириў министрликлери, «Өзбекстан арнаўлы олимпиадасы» спорт бойынша жәмийетлик бирлеспесиниң Қарақалпақстан Республикасы бөлими, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы ҳәм жас тамашагөйлер театрлары тәрепинен имканияты шекленген балалар, кем тәмийинленген шаңарақлардың перзентлери ушын «Ҳәр бир балаға меҳир, итибар!» сүрени астында концерт бағдарламасы қойылды.

1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен өткерилген илажда Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрларының жәмәәтлери, музыка ҳәм көркем өнер мектеплериниң оқыўшылары, 26-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң, 4-санлы Қулағы аўыр ҳәм шала еситетуғын балалар ушын, 10-санлы Көзи әззи ҳәм шала көретуғын балалар ушын қәнигелестирилген мәмлекетлик мектеп-интернатларының тәрбияланыўшылары тәрепинен таярланған қызықлы концерт бағдарламасы нәрестелерди шадлыққа бөледи. Концертте С.Аннақулова, Б.Пердебаев, Ш.Турсынбаев сыяқлы республикамыздың белгили эстрада жулдызлары, «Ниҳол» сыйлығының лауреатлары «Өзбекстан арнаўлы Олимпиадасы» спорт бойынша жәмийетлик бирлеспесиниң Қарақалпақстан Республикасы бөлими дизиминдеги үй шараятында билим алып атырған, майыплығы болған балалар менен бирге қосық атқарды.

Илажда атап өтилгениндей, Ҳүрметли Президентимиз Ш.МирзиёевтИң басшылығында елимизде жас әўладты ҳәр тәреплеме бәркамал ҳәм саламат инсан етип тәрбиялаўға қаратылып атырған айрықша итибардың нәтийжесинде олардың пухта билим алыўы, кәсип-өнер үйрениўи, спорт пенен шуғылланыўлары ушын барлық шараятлар жаратылған. Буны «Өзбекстан арнаўлы олимпиадасы» спорт жәмийетлик бирлеспесиниң Қарақалпақстан Республикасы бөлими мысалында көриўимизге болады. Бул жерде спорт пенен шуғылланып атырған майыплығы болған, социаллық қорғаўға мүтәж балалар тек республикамызда ғана емес, ал елимиз көлеминдеги таңлаўларға, спорт жарысларына қатнасып, сыйлы орынларды ийелеп келмекте.

-«Өзбекстан арнаўлы олимпиадасы» спорт бойынша жәмийетлик бирлеспеси 2005-жылда жәмийетлик шөлкем сыпатында жумыс баслап, 2011-жылы Әдиллик министрлигинен мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем болып дизимнен өтти. Бирлеспениң тийкарғы ўазыйпасы – спорт арқалы имканияты шекленген балаларды саламат балаларға араластырыў, оларға өзлигин сезиниўге имканият жаратыў, жеке шахс сыпатында раўажланыўына үлес қосыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў болып табылады. Бүгинги күнде бирлеспениң Қарақалпақстан Республикасы бөлимине көплеген усындай балалар ағзалыққа алынып, олардың тек ғана спорт бағдарында емес, ал, комплексли раўажланыўы ушын тынбай ҳәрекет етпектемиз. Әсиресе, оларда жақсы раўажланған қол моторикасын өз орнында, мақсетли пайдаланыў бойынша тоқымашылық, кестешилик, ағаш усташылығы, көркем сүўретлеў, музыка дөгереклерин ашыўға үлкен итибар қаратқанбыз, – дейди бирлеспениң Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Г.Турсымуратова. – Усы жерде имканияты шекленген балалардың ата-аналарын ҳәрекетсиз отырмастан, перзентлериниң қәбилетине қарай оларды раўажландырыўға, кеўиллеринде үмит оятыўға шақырып қаламан.

Илаж соңында балаларға қәўендер мәкемелер тәрепинен таярланған саўғалар тапсырылды.

Театр фойесинде арнаўлы мектеп-интернатлардың тәрбияланыўшылары, имканияты шекленген балалардың өз қоллары менен дөреткен ағаш усташылығы ҳәм гүлалшылық, кестешилик, тоқымашылық, гилем тоқыў, көркем сүўретлеў бойынша дөретпелериниң көргизбеси шөлкемлестирилди.

М.ПИРНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Дерек: KKNEWS.uz – Қарақалпақстан хабар агентлиги Рәсмий веб-сайты

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top