Саламат Авезов

| |

ПИДАЙЫ, МЕҲРИБАН ИНСАН

Сана: 30.05.2019  |  Муаллиф: Зибийра АБДИНИЯЗОВА  |  Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы  |  Ўқилди: 1381Шарҳ 0

Тәбийғый жаралған инсан шығарман...
‒ Перзентим аўырыў деп қушағьңызға басып үйде жылап-сықлап отырғаннан ҳеш қандай пайда жоқ. Ата-ана шаққан, саўатлы, шыдамлы болса, кеселлик бизди, сизди жеңе алмайды. Себеби, ҳәр бир инсан Аллатааланың сүйген бендеси. «Мийнетти, тәшўишти сүйген бендесин сынаў ушын береди» дейди. Биз шыдамлылық пенен биргеликте жеңе алыўымызда күш бар. Мен усыған исенемен! Үмитли көзлерин перзентлерине тигип қушағына басып отырған аналарға бул сөзлер бираз күш, исеним бағышлағанын олардың кейпиятынан аңлағандай болдым...

Бул жақында Жаслар орайында имканияты шекленген балалардың денсаўлығы бойынша мәсләҳәтлер бериўге арналған жыйналыста Гүлшат Турсымуратованың, наўқаслықтан бираз түскинликке түсип қалған аналарға дәрман боларлық сөзлеринен еди.

Ялғаншыға келген ҳәр бир инсан бес күнлик дүньяның әжайып мийманы. Қәне енди он еки мүшең пүтин болып, пәлектиң гәрдишин сүрсең. Гейбир инсан туўылғаннан, гейпаралар болса тәғдир тақазасына бола физикалық жақтан имканияты шекленеди. Усындай наўқас, яғный, имканияты шекленген нәрестрлерин баўырына басып отырған аналарға қарап «Наўқас емес, наўқасты баққан «наўқас болады» деген сөз дурыс екенлигин көрсетип турар еди.

‒ Бундай орталыққа, усыншама дәртлиге дәрман болыўда өзиңизде күш таба аласызба? ‒ деген сораўды Гүлшат апаға қалай бергенимди билмей де қалыппан.

‒ Билмеймен, өзимди тәбийғый жаралған инсан шығарман деп те ойлайман..

Меҳир қойдым, меҳир бердим

1968-жылы Кегейли районы Халқабад посёлкасында туўылған Гүлшат Турсымуратова 1990-жылы Нөкис мәмлекетлик университетиниң Рус тили ҳәм әдебияты факультетин тамамлайды. Дәслепки педагогикалық мийнет жолын пайтахтымыздағы Жийен жыраў атындағы мектепте муғаллим болып ислеп, келешек әўладларға тәлим-тәрбия бериўден баслайды. Бул билимлендириў мәкемесинде еки жыл жумыс ислеп, өзинде тәжирийбе топлаған ол өзи билим алған үлкен дәргайға, яғный, университетке жумысқа барып, жуўапкершиликги исеним менен атқарады. Соқынан Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеқеси Ҳаял-қызлар комитети Секретариатының бас қәнигеси болып хызмет атқ-арады. 2005-жылдан баслап «Өзбекстан Арнаўлы Олимпиадасы» жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы болып хызмет атқарып келмекте.

‒ Ҳәр қандай жумыс жоқары жуўапкершилик ҳәм интаны талап етеди. Жуўапкершиликти исеним менен атқарсақ ғана нәтийжеси көринеди.

Халқымызда «Меҳир бермей, меҳирди талап етпе» деген ҳикметли сөз бар. Ҳәзирги күнде бирлеспемизде жәми 500 имканияты шекленген балалар бар. Ҳәр қайсысы айрықша итибарға, меҳирге мүтәж. Жақсы сөз, қоллап-қуўатлаўлар, оларды өмирге умтылдырады. Имканияты шекленген инсан ҳәр тәреплеме ынжық, сәл нәрсеге ренжип, өмиринен  түңилип қалатуғын тәбиятлылар болғанлығы ушын да ғамқорлықты көп талап етеди. Сол ушын да бул инсанлар орталыққа, жәмийетке көп араласыўы керек. Жақсы нәрсени көрип, соған еликлеп, ҳәрекет ислеўге өзинде күш таба билиўи керек.

Бир-еки жыллықта, ‒ деп сөзин даўам етти Гүлшат апа жумыс пайытларынан: ‒ «Айдын жол» әтирапына «Цирк», «Зоопарк» кедди. 30 баланы тамашалатып, жол жағалап шығып киятырсақ, шашлык писирип турғанларды керип «Гүлшат апа, шашлык жемеймиз бе?» деп иркилип турды. «Яқшы, жеймиз, ертең алып беремен» деп өтип кеттик. Олардың кеўиллери түсип кеткеннен соң, сөзимнен шығайын деп, базардағы гөш сатыўшыларға бирме-бир жағдайымды айтып түсиндирдим. Биреўи 200 грамм, екиншиси 300 грамм дегендей, сақыйлық етти. Жәми үш-төрт кило гөш жыйнап, нан цехтан 4 буханка нанды да мүриўбетли инсанлардан алып, 60 балаға «Семья» кафесинде шашлык писиртип, ўәдемди орынладым. Сол мәҳал олардың сүйсинип жеўлери, таза кеўиллеринен жақсы сөзлерди айтыўларын еситап, балаларда азғана болса да өзгерис болып атырған-лығына қуўанаман...

Бул не, инсандағы ағла пазыйлет пе? ямаса жумысқа шын берилген инсанның искерлиги ме? деп те ойланып қаласаң киси.

Пидайылық, мүриўбетлик, нәтийже ҳәм табыс

Халқымыз мүриўбетли. Ғамқорлығын көрсетип, мүмкиншилига болғанынша көмегин аямайтуғын инсанлар жәрдеминде көп нәтийжелерге ерисип, табысларды қолға киргизип атырған бирлеспениң ағзаларына тәсийин қалмасқа илажымыз жоқ. Республикамыздан басқа Қытай, Бельгия, Бирлескен Араб Әмирлигиниң Абу-Даби, Дубай қалаларына барып, спорт жарысларында 1-2-орынларды қолға киргизип киятырғаны үлкен нәтийже ҳәм табыс.

‒ Ҳәр қандай жетискенлик, қыйыншылықсыз болмайды. Имканияты шекленген болса да, имканына, қызығыўшылығына қарай спорт жарысларға қатнастырылып барынады. Наўайы қаласьщда спорттың жеңил атлетика түри бойынша жарысқа барғанында балалардың бири аўырып қалады. Ал, емлеўханаға алып барғанда «соқыр ишек»тен операция исленеди. «Ата-анасына қалай айтаман? ‒ қорқып турғанында.

‒ Сизге рахмет! Егер үйде усындай аўырып қалып емлеўханаға түскенде 1 бинт алып бергендей жағдайым жоқ еди? ‒ деген. Ата-анасының бул сөзлеринен кейин өзин әдеўир жеңил сезгенин елеге шекем умытпайды. «Бул Аллаталамның шарапаты» деп түсингени де пидайылық шығар бәлким.

Биреўге меҳир көрсетип, кимнен, мүриўбетлик сорап, өз психологиясы да өзгерип, шаршағаны көрингенин сырттағы адамлардан еситкен ўақытта Гүлшат апа сонда да бул инсанларды, бул жумысты қойып кете алмайтуғынлығын айтып, және меҳир көрсетиўге асыға барғанын сезбей де қалады.

Он үш жыл. Имканияты шекленген инсанлар менен ислесиў, ҳәр бир шаңарақтың дәртин еситиў, мүриўбетлик көрсетип, қоллап-қуўатлаўға шақырыў, инсаннан қанша күш талап ететуғынын ойлағаннан-ақ шаршайтуғының белгили.

‒ Бир қызым гимнастикаға оғада қызығатуғын еди. Көп таярлықлар көрип, Ташкент қаласына жарысқа қатнасыў ушын, автобуста жолға шықтық. 15-16 жасар қыз. Бир ўақытлары автобуста жолда баратырсақ анасын сорап жылады. Соннан анасына қоңыраў етип, жағдайды түсиндирген едим, сол күни кешки рейстеги самолёт пенен жетип келди.

Сонда келмей, айтқаны болған қалғанда, 1-орынды ала алмай қалатуғынымыз белгили еди. Европа ҳәм Евразия мәмлекетлеринен келген ўәкиллер қыздың көркем гимнастикаға шеберлигин мақтап, көп нәтийжелерге ерисетуғынлығын айтқан еди. Сонда не айтажақпан, халықтың мүриўбетлигин, бул инсанларға имканиятлар туўдырылғанлығын, шараятлар жаратып бергенлигинен миннетдар екенлигимизди ‒дейди ислеген мийнетлериниң нәтийже, табыс көрсеткенине қуўанған Гүлшат апамыз...

Бизлер неге сахнаға шықпаймыз?

«Өзбекстан Арнаўлы Олимпиадасы» спорт жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы балими бүгинга күнде елимиздега айрықша итибарға мүтәж балаларды, үлкенлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап, олардың өзи қатарлы дени саў инсанлар менен тендей жәмийетимизге араласыўы ушын спорт жарысяары, руўхый ҳәм мәдений дем алысьш шөлкемлестириў сыяқлы басқа да илажларды әмелге асырып келмекте. Мине, усындай илажлар үлкен нәтийже берип, сахнада мәдений хызметкерлер менен биргеликте 1-июнь ‒   халықаралық балаларды қорғаў күнине арналған байрамда өзлери қосық айтып, ойын-заўық пенен кеўиллерин кетерди. Имканияты шекленген балалардың тәрбиясы ҳәм саламатлығының беккемлениўинде бирлеспе хызметкерлериниң анағурлым дәрежеде мийнетлери бар екенлиги көринип тур.

Лекин, бул бирлеспениң тозыўы жеткен белмесиниң бүгинги күнниң талап дәрежесине жуўап бермеслиги бирлеспе хызметкерлери менен ата-аналарды бираз ренжитип келмекте.

Имканияты шекленген инсанларға имканиятлар жаратылса, деген үмит-нийетлери орынланып иске аса қойса, нур үстине нур болып, ертеңги күнге исеним артқан болар еди.

Олардың ата-аналарыда балалары күн даўамында сол берилген имаратта шуғылланып атырғанын билип ҳалқымыздың хызметинде болар ма еди? Себеби, олар арасында «қызыл диплом» менен жоқары оқыў орынларын питкерип, илажсыз имканияты шекленген баласына байланып отырғанлары қаншама?

Имканияты шекленген инсанлардан көплеп уллы шахслар жетилисип шыққанлышнан көпшилигимиз бийхабар шығармыз.

Пифагор, Юлий Цезарь, Гёте, Альберт Эйнштейн, Фёдор Достоевский киби дүньяға даңқ таратқан инсанлардың өзи тәсирлеримизди асырыўы тәбийғый.

Зибийра АБДИНИЯЗОВА.

Дерек: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы
30-май, 2019-жыл. №22 (8038)

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top