Саламат Авезов

| |

Халық демократиялық партиясы өзи кимниң, қалайынша мәплерин қорғайды?

Сана: 04.10.2019  |  Муаллиф: Ганиев Нөкисбай  |  Манба: Kar24.uz  |  Ўқилди: 469Шарҳ 0

Усы жылдың 20 сентябрь күни Орайлық сайлаў комиссиясы парламентге ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслерге сайлаўлар мүнәсибети менен сайлаў кампаниясы басланғынлығын рәсмий түрде жәриялады. Бул жылғы сайлаўлар халқымыздың кейпияты ҳәм реформаларға исеними артып баратырған пүткиллей жаңаша орталықта, жаңа ҳуқуқий шараятта өтеди. Соның ушын сайлаўшылар сиясий партиялардан қатаң усыныс ҳәм басламалар күтпекте. Өзбекстан Халық демократиялық партиясы бул процессте үлкен жуўапкершиликти мойнына алып, сайлаў кампаниясына кириспекте.

Ҳәр бир сиясий партия сайлаўларға кирисер екен, ол әлбетте өзиниң Сайлаўалды бағдарламасын илгери сүреди. Өзбекстан Халык демократиялық партиясы Орайлық Кеңеси тәрепинен партияның жаңа Бағдарламасы ҳәм Сайлаўалды бағдарламасы таярланып додалаўға қойылды.

Бәршемизге белгили, Өзбекстан ХДП халықтың мәмлекет ҳәм жәмийет тәрепинен мәнзилли социаллық қорғаў ҳәм социаллық қоллап-куўатлаўға мүтәж төмен қатламы мәплерин қорғайды.

Булар тийкарынан, пенсиянерлер, майыплығы болған шахслар, көп балалы шаңарақлардағы ҳаяллар, ата-ана қарамағынан айрылған балалар, алып атырған пенсия ҳәм социаллық напақалар дәрежеси турмыс кешириўи ушын жетерли болмаған жалғыз кекселер ҳәм халықтың басқа төмен қатламлары.

Партия сиясий идеялогиясының тийкарын социаллық теңлик, социалық бирлик ҳәм социаллық демократия принциплери қурайды. Оның нормалары партия Бағдарламасы жойбарында анық сәўлеленген.

Өзбекстан Халық демократиялық партиясы алдынғы сайлаўлардағы Бағдарламаларынан парықлы түрде партияның бағдарламалық мақсет ҳәм ўазыйпалары “Пирамида”сын жәриялады. Партия Сайлаўалды бағдарламасын халықтын арасында жүрип, машқалаларын үйренип, олардың шешими бойынша басланғыш партия шөлкемлери усыныслары алынғанлығы оның турмыслығын тәмийинлейди.

Халық демократиялық партиясы адамларды ойландырып киятырған, әҳимийетли социаллық мәселелер, тийкарынан, “Жасаў минимуми” ҳәм “Тутыныў себетшеси” ҳаққындағы нызамлар қабыл етиў зәрүрлиги, медициналық хызмет сапасын асырыў, коммунал хызметлер тәриплерин муўапықластырыў бойынша басламаларды илгери сүрмекте.

Ганиев Нөкисбай,
Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикалық
Кеңеси баслығы орынбасары.

Дерек: Kar24.uz – Биз жазыўдан алдын ойлаймыз

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top