Саламат Авезов

| |

Муфтий ҳәзиретлериниң Қарақалпақстан диярына сапары басланды

Сана: 03.12.2019  |  Муаллиф: Makan.uz  |  Манба: Makan.uz  |  Ўқилди: 1382Шарҳ 0

Бүгин, 3-декабрь күни Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий Усманхан Алимов ҳәзиретлери ҳәм Дин ислери бойынша комитет баслығы Абдуғофур Аҳмедовтың Қарақалпақстан Республикасы бойлап сапары басланды. Раўажланыўымыздың жаңа дәўиринде басқа регионлар қатары Қарақалпақ диярының раўажланыўына да үлкен итибар берилип атыр. Бүгинги күнде пайтахтымыз Нөкис қаласынан баслап, районлар орайлары, қала ҳәм аўыллар, ҳәтте шет аўылларға шекем ҳәр тәреплеме өзгерип, раўажланып бармақта.

Өзгерислер есесинде диний-мәрипий тараўда әмелге асырылып атырған түпкиликли өзгерислер, мешит-медреселердиң және де абаданластырылыўы, мөмин-мусылманлардың диний мүтәжликлерин қанаатландырыўға қаратылған умтылыслар көпшиликти миннетдар етпекте.

Сапардан гөзленген мақсет қарақалпақ диярында диний тараўда алып барылып атырған жумыслар менен жақыннан танысыў, имам-хатиблер менен ушырасып, оларды қыйнап атырған машқалалар жүзесинен пикир алмасыў, пикир ҳәм усынысларды тыңлаўдан ибарат.

Күнниң биринши ярымында Нөкис қаласындағы “Имам ийшан Муҳаммад” жоме мешитинде республикадағы бәрше имам-хатиблер қатнасыўында жыйналыс болып өтти. Усы жыйналыста тараўда исленип атырған жумыслар көрилип, әмелдеги мәселелер тыңланды, шешими бойынша анық усыныслар берилди.

Соның менен бирге, мәмлекетимиз бойлап алып барылып атырған кең көлемли реформалардың мазмун-мәниси, бүгинги тыныш ҳәм пәраўан күнниң қәдрине жетиў ҳәм шүкирлик сезими менен жасаўға тоқталып өтилди.

Жыйналыс соңында «Вақф» қайырқомлық фонды тәрепинен имам-хатиблерге Қураны карим саўға етилди. Нөкис қаласындағы кем тәмийинленген, социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларға азық-аўқат өнимлеринен ҳәм нәгиранлығы болған пуқараларға нәгиранлық арбашалары берилди.

Қарақалпақстан сапары даўам етпекте.

Дерек: Makan.uz – Мәмлекетимиздеги жаңалықлар порталы

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top