Саламат Авезов

| |

КОНСТИТУЦИЯ БАЙРАМЫНА БАҒЫШЛАНДЫ

Сана: 06.12.2019  |  Муаллиф: KKNEWS.uz  |  Манба: KKNEWS.uz  |  Ўқилди: 1190Шарҳ 0

Нөкистеги «Имкон» реабилитация орайына ийе болған мәмлекетлик көптармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 27 жыллығына бағышланған илаж болып өтти. Илажға мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң педагог ҳәм медицина хызметкерлери, тәрбияланыўшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты. Илажда атап өтилгениндей, өткен жылы март айында жумыс баслаған шөлкемде бүгинги күнде 10 топарда 3 жастан 7 жасқа шекемги 103 бала тәрбияланбақта. Оларға 20 дан аслам шыпакер, 60 педагог тәлим-тәрбия ҳәм медициналық хызмет көрсетип келмекте.

Жақында шөлкемниң тәрбияланыўшылары Ташкент қаласында «3-декабрь – Халықаралық майыплар күни» мүнәсибети менен өткерилген «Бир жәмәәт – 2019» форумында қатнасып, өзлериниң таярлаған бағдарламасын көрсетип қайтты ҳәм айрықша хошаметке сазаўар болды.

– Форумда 8 тәрбияланыўшымыз миллий аяқ ойыны менен қатнасты ҳәм қәўендерлер олардың ҳәр бирине телевизор саўға етти. Бул итибардан балалардың кеўиллери шадлыққа бөленди, – дейди хореограф Т.Сейтқасымов.- Шөлкемимизде тәрбияланып атырған еситиўинде, таяныш ҳәрекет органларында, ақылый раўажланыўында нуқсанлары бар балаларды «Қол сыйқыры» деген музыкаға аяқ ойынына таярлаған едик. Тамашагөйлер аяқ ойынымызға жоқары баҳа берди. Және бир тәрбияланыўшымыз Ж.Жолдасов «Президентиме» деген тақмағын айтып берип, қәўендерлердиң алғысына сазаўар болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Дерек: KKNEWS.uz – Қарақалпақстан хабар агентлиги Рәсмий веб-сайты

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top