Саламат Авезов

| |

"Меҳир қуяшынан бахыт тапқан инсанман

Сана: 10.12.2019  |  Муаллиф: https://t.me/specialolimpicskk  |  Манба: https://t.me/specialolimpicskk  |  Ўқилди: 1563Шарҳ 0

2019-жыл, 10-декабрь күни саат 11.00 де Қарақалпақ Мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында «3-Декабрь – Халыкаралық майыпларды қорғаў» ҳәм «8-Декабрь – Өзбекистан Республикасы Конституция» күни мүнәсибетлери менен «Меҳир қуяшынан бахыт тапқан инсанман!» атамасындағы қайыр-сақаўат концерт бағдарламасы болып өтти.Концертке «Өзбекстан Арнаўлы Олимпиядасы» спорт жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлими ағзалары ҳәм Нөкис қаласындағы үй шараятында тәрбияланып атырған майыплығы болған балалар ҳәм үлкен жастағы жигит-қызлар, пайтахтымыздағы 26-санлы арнаўлы балалар бақшасы, Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар мириўбет үий» тәрбияланыўшылары,

Нөкис қаласы 4-санлы арнаўлы мектеп-интернаты, 10 санлы көриў қабылийети төмен балалар республика мектеп интернати ҳәм шала көриўши балалар ушын кәнийгелестирилген мәмлекетлик мектеп интернаты окыўшылары өзлериниң қосық бағдарламалары ҳәм олардың өз қоллары менен дөретилген буйымлар көргизбеси өткерилди.

Қайыр-сақаўат концерт бағдарламасын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Социаллық мәселелер бойынша Секретариат баслығы Айымбетов Байрам ашып берди, соң Қарақалпақстан Республикасы Руўхый ағартыў орайы баслығы Қуўаныш Юсупов, «Өзбекстан Арнаўлы Олимпиядасы» спорт жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Гулшат Турсымуратовалар сөзге шықты ҳәм қатнасыўшыларға байрам тилеклерин билдирди.

Президентимиз тәрепинен елимизде бәрше инсанлар қатарында майыплығы болған  имканияты шекленген инсанларға жаратылып атырған шараятлар ҳаққында айтып өтти.

Концертте 2-санлы Медицина колледжи директоры М.Турымбетова, Нөкис Педагогика колледжи директоры З.Клычева, Халык демократик партиясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими, Нөкис қалалық Ҳаял-қызлар комитети, Республикалық тери венерик кеселликлери Кәсиплик аўқамы баслығы Арнауитова Надежда, жас қосықшы артист Шерзат Муратбаев ҳәм басқада қаўендер шөлкемлерден саўғалар тапсырылды.

Концерт илажын шөлкемлестириўде Нөкис қаласы Мәденият бөлими, «Айкулаш» миллий фольклор ансамбли, «Филармония», жеке исбилермен Маржан апалар өз үлеслерин қосты.

Дерек: Өзбекстан Арнаўлы Олимпиадасы спорт жәмийетлик бирлеспеси

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top