Саламат Авезов

| |

Халық пенен ушырасыўлар өз натийжесин бермекте

Сана: 21.02.2020  |  Муаллиф: Kar24.uz  |  Манба: Kar24.uz  |  Ўқилди: 1197Шарҳ 0

21-февраль күни Шоманай районы «Бегжап» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 15-санлы мектепте Әскерий хызметкерлер менен жаслардың ушырасыўы шөлкемлестирилди. Ушырасыўға Шоманай районы ҳәкими Б.Янгибаев, Арқа батыс әскерий округи кадрлар бөлими баслығы Подполковник Д.Мамажанов, Арқа батыс әскерий округы тәрбиялық ислери бойынша бөлим баслығы, подполковник Л.Расулов, Арқа батыс әскерий округы медицина хызмети баслығы, подполковник Қ.Машарипов, Нөкис әскерий прокуратурасынан, майор А.Қурбанов,

Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасы баслығы орынбасары, подполковник Н.Эргашов, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик Министри орынбасары Э.Турсунов, Әдиллик Министрлиги инсан ҳуқықлары бөлими баслығы Г.Тилеўмуратов, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Шоманай районындағы Халық Қабыллаўханасы баслығы И.Абдирахманов, Сектор басшылары, ҳәким орынбасарлары, тийисли мекеме, шөлкем басшылары, мектеп питкериўшилери, мәҳәлледеги бәнт болмаған жаслар ҳәмде аўыл турғынлары қатнасты.

Иләжда аўамында әскерий хызметкерлер тәрепинен Республикамызда жасларға жаратылып атырған имкәниятлар, әскерий хызметке ҳәмде әскерий жоқары оқыў орынларына кириўды қәлеўши жасларға жаратылып атырған жеңилликлер менен жасларды таныстырып өтти.

Ушырасыўда бир қатар жаслар ҳәм аўыл турғынлары мүрәжат етип, мүрәжат бойынша 2 пуқараның машқаласы орнында өз шешимин тапты, 3 аўыл пуқараларына ҳәм 6 жасқа ҳуқықый түсиниклер берилген болса, 2 жумыссыз жастың бәнтлиги тәмийнленип жумысқа жайластырылды.

Ушырасыў соңында пән олимпиядалары ҳәм таңлаўларда белсене қатнасып жүрген жасларға Шоманай районы ҳәкимлиги ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы Шоманай районлық Кеңеси тәрепинен әдебий китаплар саўға етилди.

Күнниң екинши ярымында Шоманай районы ҳакимлиги ҳәмде келген мийманлар менен биргеликте имкәнияты шекленген нураныйларға 3 дана майыплық арбашасы ҳәм 2 дана еситиў аппаратлары тапсырылды.

Дерек: Kar24.uz – Биз жазыўдан алдын ойлаймыз

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top