Саламат Авезов

| |

“БИЗ БИРГЕМИЗ!” ЖОЙБАРЫ

Сана: 25.06.2020  |  Муаллиф: Исатай АЛДАБЕРГЕНОВ  |  Манба: Telegra.ph  |  Ўқилди: 1621Шарҳ 0

Республикада ғәрезсизлик жылларында халықтың социаллық мүтәж қатламларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың нәтийжели системасын қәлиплестириў барысында кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Майыплардың турмыс дәрежеси ҳәм сапасын асырыўға, пенсия тәмийнаты ҳәм социаллық мәдет системасын жетилистириўге, системалы саламатластырыўды шөлкемлестириў ҳәмде кеселликлерди емлеўдиң заманагөй усылларынан пайдаланыўды кеңейттириўге бағдарланған бир қатар мәмлекетлик дәстүрлери қабыл етилди.

Мәмлекетимизде кекселер, пенсионерлер, майыплар ҳәм имканияты шекленген балаларға медициналық-социаллық жәрдемди шөлкемлестириў системасы жаратылды.

Халықтың мүтәж қатламларын мәнзилли социаллық қорғаў мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларынан бири ретинде белгиленген.

Кекселер ҳәм майыпларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын жәнеде жетилистириўдиң баслы ўазыйпалары етип майыпларды анық мәнзилли социаллық қорғаўды күшейттириў, оларға көрсетилетуғын үй-жай тутыныў ҳәмде басқа жасаў шәраятларын жақсылаўға бағдарланған материаллық жәрдемди кеңейттириў, майыпларды емлеў, системалы саламатластырыўды шөлкемлестириў, профилактика илажларын кеңейттириў, көриў ҳәм еситиў органлары, ҳәрекет-таяныш системасы кеселликлерин ҳәмде жүрек-қан тамыр кеселликлерин емлеўдиң заманагөй усыллары менен қамтып алыў ҳәм олардан пайдаланыў жолы менен оларға көрсетилетуғын медициналық-социаллық жәрдем дәрежеси ҳәм сапасын асырыў, майыпларды сапалы жәрдемши ҳәм техник реабилитация қураллары менен тәмийинлеў дәрежесин асырыў, оларды медициналық-социаллық реабилитация етиў шараларын көриў, медициналық-социаллық мәкемелердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў мәмлекетлик сиясатының тийкарғы баслы бағдарларынан бири етип белгиленген.

Мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы жөнелислерден бири болған күшли социаллық сиясат жүритиўдиң әмелдеги көриниси сыпатында Әдиллик министрлиги тийисли шөлкемлер менен биргеликте нәўбеттеги қайырқомлық акциясына старт берди.

Усы жылдың 25-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги басламасы менен Өзбекстан майыплар жәмийети ҳәм оның аймақлық бөлимшелери менен биргеликте карантин талапларына қатаң әмел еткен ҳалда, "Биз биргемиз!" жойбары шеңберинде Нөкис қаласы ҳәм Кегейли районындағы бир қатар майыплағы болған шахслардың аҳўалынан хабар алынып, 3 майыплық арбашалары өз ийелерине тапсырылып, министрлик хызметкерлериниң есабынан қайыр-сақаўат сыпатында бир қатар азық-аўқат өнимлеринен тийисли жәрдемлер көрсетилди.

Усы жойбардан гөзленген тийкарғы мақсет майыплығы болған шахсларды жәмийетимизде өз орынларын табыўларына көмеклесиў, олардың кеўилин көтериў ҳәмде жәмийетимиздиң ажыралмас ҳәм итибарға лайық бөлеги екенлигин көрсетип бериўден ибарат.

Исатай АЛДАБЕРГЕНОВ,
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик
министрлиги бөлим баслығы.

Дерек: Telegra.ph

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top