Саламат Авезов

| |

Қол-аяғы жоқ, бирақ мақсети ҳәм бахты бар инсан!

Сана: 04.09.2016 22:37  |  Муаллиф: Светлана Жалменова  |  Рукн: Кичик ҳикоялар  |  Ўқилди: 2196Шарҳ 0

Физикалық имканиятлары шекленгенине қарамастан пүткил дүньяға ержүреклилик, сабыр-тақатлылық, мийнет ҳәм турақлы ҳәрекет үлгиси бола алған инсанлар бар. Олар  басқалардан парықлап туратуғын кемшилигин бахытсызлыққа тийкар деп емес, бәлким ахӯалды барлығынша қабыл етип, оны бахытқа алып барыӯшы жол сыпатында пайдаланбақта.
Ник Вуйчичтың келбети актерлыққа арзыйды, бәлким белгили актерда болармеди, егер аяқ-қоллары болғанда...

1982-жыл 4-декабрь Австралияда пастор (протестант дининдеги руханый) ҳәм мийирбийке шаңарағында туӯылған Николас Жеймс «Ник» Вуйчич қол-аяқлары жоқлығына қарамастан өмирде өз жолын тапқан. Соның менен бирге көпшиликке өмирде өз жолын, бахтын, кеӯил қәтержамлығын табыӯда жәрдем берген инсан.

Көп жыллар даӯамында Ник өз денесине ийкемлесип жасаӯды үйренди, тәлим алды. Ҳәзир оны биймәлел дүньяның ең белгили мотивацион араторы деп атаӯ мүмкин. Ол түрли мәмлекетлерди гезип, адам ҳәрқандай жағдайда да, ҳәрқандай ахӯалда да бахытлы болыӯ сырларын үйретти.

Усындай сапарларының биринде ол өмириниң биринши ҳәм жалғыз мухаббаты Канаэ Миахаре менен танысып, турмыс қурған. Ҳәзир олардың еки саӯ-саламат ул перзентлери бар.

«Мен бул дүньяға адамларға өз жолларын табыӯда жәрдем бериӯ ушын келгенмен», – дейди Ник Вуйчич.

Ник кем ушырайтуғын генетик патология (тетраамалия) менен дүньяға келген. Яғый оның толығынша аяқ-қоллары жоқ бирақ аяқ асты бөлими ҳәм еки жапысқан бармақлары бар еди. Бармақларды ажыратыӯ операциясынан соң ол жүриӯ, жүзиӯ, қарда сырғанаӯ, компьютерде ислеӯ ҳәм жаза алыӯды үйренди.

Кемшиликлерине қарамай бала саӯ-саламат болған. Ол мәлим мүддет майыплар, ал кейиншелик әпиӯайы дени саӯ балалар тәлим мектебине қатнайды.

Он жасында өзин ваннада шөктирип жибермекши болады. Бирақ, суӯ толтырылған ваннада жүзин төменге қаратыӯға урынып атырған мәхәли ата-анасы қәншелли қайғыға бататуғынын көз алдына келтирип бул пикиринен қайтады. «Ақыры мен бул дүньяға келгенимнен берли ата-анамнан тек ғана меҳир мириӯбет көрдим-ғой» деп еслейди ол.

21 жасында Брисбенде Гриффит университетин еки бакалавр жөнелиси бойынша тамамлайды.

1999-жылдан баслап ол ширкеӯ, қамақхана, мектеп ҳәм балалар үйлеринде семинарлар шөлкемлестирип сөзге шыға баслады. Тез арада «Қол-аяқларсыз өмир» ("Life Without Limbs") коммерциялық емес шөлкемин ашады. Бул арқалы ол пүткил дүньядағы имканиятлары шекленген майып балаларға жәрдем бериӯ қайырқомлық ислерин жолға қояды.

2009-жылы қол-аяқсыз адам тәғдийри хаққындағы «Гүбелеклер цирки» атлы кинода сүӯретке түседи.

Оның «Шегарасыз өмир. Әжайып бахытлы өмирге қарай қәдем» атлы дәслепки китабы 2010-жылы баспадан шығады. Ол Америкада жасайды. Ол бир күн болмаса бир күни келип жүрип кетиӯ үмити менен кийим шкафында бир нешше жуп аяқ кийим сақлайды.

Мәртлигинен өрнек алыӯ мүмкин болған инсаннан он түрли қағыйда;

1. Мен өз ишки дебдиӯлерим ҳәм қорқыӯларымды жақсы көрген инсанларым менен бөлисемен.

2.Өмир жолыңды излеӯ бул-марафон (узақ аралыққа жүгириӯ), ал, спринт емес (қысқа аралыққа жүгириӯ)

3. Мен ибадат етип тилекте тилеймен, адамларға да мүрәжеет етемен.

4. Бүгинги машқала ертеңги имканиятқа айланады.

5. Кеӯлиң түскинбе? Қосық айт! Мен кейпиятым жоғалғанында ҳәмийше қосық айтаман.

6. Бирнәрсеге ерисиӯ ушын оны излеӯден тоқтамаӯ керек.

7. Өзиңниң үстиңнен күле алатуғын дәрежеде өзиңди жақсы көрип бил.

8. Хешбиримиз идеал емеспиз. Бирақ өзимизде бар болған унамлы пазыйлетлеримизди әтирапымыздағылар менен бөлисип билиӯмиз керек. Өзиңе нәзер сал. Ишиңде бар күши менен жанып зия таратыӯ ушын бир нур жанып турыпты.

9. Инсаныйлық мүнәсебетлер – бул күш. Миннетдаршылық сезими, ҳәрекет етиӯге умтылыӯ, дәртлес болыӯ ҳәм кешире билиӯ – мине усылар бахытлы, шадлы жасаӯдың тийкарғы шәртлери!

10. Егер сен хешқашан кәраматлы әжайыбатты көрмеген болсаң – өзиң сол кәраматқа айлан!

Өзбек тилинен
Светлана Жалменова
аӯдармасы

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top