Саламат Авезов

| |

Бүлбүл ҳәм ғарға (Армиян халқ рәўияты)

Сана: 17.02.2017 15:45  |  Муаллиф: Светлана Жалменова  |  Рукн: Кичик ҳикоялар  |  Ўқилди: 2843Шарҳ 0

Бир күни бүлбүл ҳәркүнгисинше теректиң шақасына қонып бүлбүлгөя даўсы менен ҳәрқыйлы намаға сайрап турса, қасына ғарға келип қонақлағанын да сезбей қалыпты.
— Әй, бүлбүл сен усы жанға тийер намаларыңды сайраўдан шаршамадың ба? ‒ депти жағымсызланып. Буны еситкен бүлбүл таң қалып, ашыў ыза кернеп ғарғаға дарғәзеп пенен бақырыпты:

— Әй, сени топыраққа көмиў керек өзи, өзиң бир қалай қалайсаң? Мениң хаўазыма, сайраўыма  адамлар хәўесте. Олар мени алтын қәпеслерде сақлап, қымбат баҳалы дәнлер менен бағады, бир ғана мениң сайраўымды еситиў ушын бәри. Мен сен қусап удайына аза пишиминде жүрмеймен. Сен қусаған өликсехор қус мениң үстимнен пикир жүритип хүким шығарғаның неси? Сенде хәттеки сайрайтуғын даўыста жоқ ғой! Неге мени масқаралап турсаң?

— Қысқарт мақтаныўды, кел оннаншы екеўмиз қала бойлап ушып шығамыз ҳәм басқалардан екеўмиздин қайсы биримиз ең жақсы сайрайтуғынымызды сорап көремиз. Олар бизге пикирин айтсын.

Егер де ким жеңилсе утқанымыз оның көзин шоқып алады келистик пе?

 Бүлбүл буған келисим берди. Олар қала бойлап ушып кетти, жол жөнекей бир сассық шашық көлмек суўда шошқа жатырғанын көрди ҳәм барып оннан сорады: ‒ Айтшы, бизлер екеўмиздиң қайсысымыз жақсы сайрай аламыз?

— Әлбетте, ғарға ‒ дә. Оның даўсы ең жоқарғы темпте жаңлайды. ‒ деди шошқа ойланып отырмастан.

Солай етип ғарға бүлбүлдиң көзин шоқып ойып алды, өз жеңисине мәс болып.  Бийшара байғус бүлбүлде өз уясына қайтты. Күнлерден және бир күни ол сол теректиң шақасында муңлы ҳаўазда сайрап отырса, баяғы ғарға келип және дусласты ҳәм сорады:

— Эх, бийшара ақмақ бүлбүл мине мениң менен қасарысып неге еристиң, көзиңнен айрылдың қалдың. Соған қайғыланып отырсаң?

— Мен көзимнен айрылғаныма қапа емеспен, онанда ашынарлысы мен ушын - саған ергеним, саған исенип тәғдиримди шошқаға ҳүким шығарыўына жол қойғаным мениң ең үлкен наданлығым екенин түсинип отырман. ‒ депти.

Жуумақ: Ҳәммеге жақсы көринищге, унащға ҳәрекелениўдиң өзи ойсызлық. Бәсекилесиўде өзиңизге сәйкес келетуғынларды таңлай билиң. Өзиңизге тән ғана тәғдириңиздиң үстинен хүким шығарыўды  аңқаў наданлар "шошқа" ҳәм "ғарға"ларға тапсырып қоймаң!

Рус тилинен
Светлана Жалменова
аўдармасы

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top