Сана: 23.02.2017 19:40 | Муаллиф: Саламат Авезов | Рукн: Кичик ҳикоялар | Ўқилди: 1986Шарҳ 0
Жумыстан қайтып асханада писир-қойдир қылып атырған Шаҳназа әйнек артынан еситилген пышықтың даўысына парўа да қылмады. Пышықтың мяуланған даўысы улыны менен араласып кетти. Шаҳназа әйектен қарап, улы пышықты сийпалап атырғаныны көрди-де урысып берди:
— Пышыққа тийме, қолың патас болады. Қәне, үйге кир, аўқатланамыз...
Алты жаслардағы бала наразланып, ләблерини шошайтирип алды.
Шаҳназа және жумысына берилип кетти. Әйнек артыдан болса улының даўысы әсте-әсте есититлип турар еди.
Ҳаялдың ескертиўинен бир аз өтип, есик ашылды. Қолыны арқасына қайырлып улы ненидур жасырыўға ҳәрекет етер еди. Сол ўақытта оның арқасынан пышықтың мяуланғаны еситилди.
— Неге пышықты үйге алып кирдиң? Қәне, алып шығып тасла! – ҳаялдың қараслары ғәзепленип түс алды.
— Апа, усы пышыққа әке болсам мейлими? Әкеси узаққа кетип қалған екен, «Маған әкем болың» − деп жылады...
Улының гәплеринен Шаҳназаның көзлерине жас қалқыды. Бир демде бәршеси көз алдынана кино лентасы сыяқлы өтти. Ҳәмледарлығында ажрасқаны, жақынларының «Балаңа ата керек», деген айтқанларына қарамай, қайта турмысқа шықпағаны, әкесыны өмиринде көрмеген баласы, бәрибир, оны сағынмаслығына исенгенлери – бәршеси сол бир демге шыдалмай сағымға айланды. Шаҳназа улының илтимасыны қарсылық көрсетиўине күш тапа алмай, басқа ханаға өтип кетти.
Өзбек тилинен
Саламат Авезов
аўдармасы
Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...