Саламат Авезов

| |

Қәйнене ҳәм келин хаққында ибратлы гүрриң

Сана: 13.08.2016 15:14  |  Муаллиф: Светлана Жалменова  |  Рукн: Кичик ҳикоялар  |  Ўқилди: 1215Шарҳ 0

Өткен күнлердиң биринде бир қыз турмысқа шықты ҳәм ол ери ҳәм қәйненеси менен бирге жасайтуғын еди. Таза түскен келин ҳәр күни турмыс жолдасы ҳәм қәйненесиниң хызметинде болды. Күнлерден бир күни жас келинниң  қәйненеси оның исинен, хызметинен қәте-кемшилик таўып кемсите бериўи, нәсиятлай бериўи  жанына тийди. Сол себепли  келин қәйненесинен қутылмақты нийет етти.
Сол қара нийети менен үйинен шыққан келин  ҳәр қыйлы дәрилик шөплер менен саўда ислеўши бир кексе адамның алдына келипти ҳәм былай депти:

— Мен үйимде қәйиненем менен буннан артығына жасай алмайман. Оның маған тынымсыз ақыл үйретип, нәсиятлаўлары, қылықларынан қатты шаршадым. Соған сизден жәрдем сорап келдим. Егер маған жәрдем бере алсаңыз хызмет хақыңызды артығы менен төлеймен.

— Кызым сонда мен саған қалай жәрдем бериўим мүмкин? – деп хайран болып сорады дәрилик шөплер саўдагери.

— Сиз маған шөплерден күшли тәсир етиўши зәҳәр таярлап бериң. Мен оны қәйиненеме ишкиземен ҳәм барлық тәшуишлеримнен қутыламан.

Бул сөзлерди еситип кексе жасүлкен узақ ойланып отырды ҳәм соң былай деди:

— Мақул, қарағым, саған жәрдем бергеним болсын. Бирақ, сен мен айтқан еки нәрсени есиңде тутып, оған дыққат пенен әмел етиўиң керек. Бириншиден, сен қәйненеңди  дәрхал зәҳәрлемейсең, болмаса әтирапыңдағылар буның бәри сениң исиң екенин сезип қойыўы мумкин. Саған сол керекли шөплерди беремен оны аз-аздан иширип барасаң ҳәм сол зәҳәр әсте-ақырын қәйиненеңе тәсир ете баслайды. Екиншиден, сен ҳәр қандай шубха-гүманлардан жырақ болыўың ушын сен өз ғәзебиңди басыўды үйрениўиң керек, қәйиненеңе мүләйим, меҳрибан ғамхор болыўың, оны ҳүрметлеўиң, ҳәр бир нәсиятына қулақ салыўың ҳәм ең баслысы сабыр-тақатлы болыўың  керек. Мине сонда ғана өз нийетлеген мақсетиңеде жетесең ҳәм сеннен хешким гүманланбайды.

Келин ҳәмме шәртке разы болып, шөплерди алып кетти. Ҳәм оны енесиниң ҳәр күнлик аўқатына қосып бере баслады. Және ол айтылған шәртлердиң барлығына әмел ете баслады: өз ишки сезим-туйғыларын дурыс қадағалаўды, енесине қулақ салыўды ҳәм оны иззет-ҳүрмет етиўди үйренди.

Буның ҳәммесин бақлап отырған қәйиненесиниңде оған деген аналық мүнәсибетлери унамлы тәрепке өзгере баслады. Ол келини менен ҳәммеге қуўанышлы мақтанар, әйне сондай келинди арзыў-әрман еткенин айтып жүрер еди.

Арадан бир нешше айлар өтип қәйинене-келин  арасындағы қарым-қатнас сондай дәрежеге жетти нәтийжеде  олар туўған анасы ҳәм қызындай жақын болып кетти.

Күнлерден бир күни келин сол баягы кексе адамның алдына және келди ҳәм бул сапары көзинде жас пенен:

— Жалбарынып, өтинип сорайман  енемди мен ишкизген зәҳәрден қутқарың мен оның өлиўин қәлемеймен, ол мениң ең жақын инсаныма айланды мен оған қатты баўыр басып қалдым. Маған жәрдем бериң. – деп сорай баслады.

Кексе саўдагер жүзинде мыйық тартып күлиўи менен былай деди:

— Қызым сен қәтержам бол. Мен саған хешқандай зәҳәрли шөп бермеген едим, мениң саған бергеним керисинше емлик дәрилик шөплер еди. Тийкарғы зәҳәр сениң ойыңда, жүрегиңде жыйналып қалған еди, сен өзиң сол зәҳәрди  жоқ қылыўға еристиң.

Буннан шығаратуғын жуўмақ: Биз әтирапымыздағыларға қандай мүнәсибетте болсақ олардан тап сондай жуўап аламыз. Адамның ишки менинде еки түрли келбет болады: бири ақ, екиншиси қара. Биз ишки сезим ақыл ой-санамызды қайсы тәрепке басқарсақ сол мақсетке хызмет қылады. Өзимиздеги бар болған унамлы ийгиликли пазыйлетлерден пайдалана билиў өз қәлеўимизде, өз қолымызда.

Жақынларыңыздан мийриманлығыңызды қызғанбан!

Рус тилинен
Светлана Жалменова
аӯдармасы

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top