Сана: 01.12.2016 19:01 | Муаллиф: Светлана Жалменова | Рукн: Таржимонлик маҳорати | Ўқилди: 1335Шарҳ 0
Өткен заманлары бир патша өз сарайына келетуғын жол үстине үлкен бир гиддиман тас қойдырды. Саӯдагерлер, кәрӯаншылар, сарай ақсүйек хызметкерлери бул жолдан ҳәр күни өтер еди. Бирақ, олардың ҳәммеси бул үлкен тастың әтирапынан айланып өтип сарайға кирип жүре берди.
Бир күни аӯылдан киятырған бир дийқан киси усы жолдан жүрип келе берди. Қараса, тап адамлар өтетуғын жолдың үстинде бир тас жатыр. Дәрҳал үстиндеги шекпенин шешип, жолаўшыларға кесент берип турған бул тасты жолдан алып таслаӯға киристи. Әдеӯир ӯақыттан соң терлеп-тепшип сол тасты орнынан қозғалтып шетке ысырып алып таслаӯды әмелледи.
Шекпенин қайта кийер екен, тастың орнында бир қалташа жатырғанын көрди. Қалашаны қолына алып қараса иши тола алтын. Ишин ашса бир хат шықты. Ол хатты патшаның өзи жазып қалташаға салып қойған еди: «Бул алтынлар усы тасты жолдан алып таслаған кеӯли пәк, мийнеткеш инсанға тийисли болсын».
Патша адамларға усы жол менен тәсирли бир сабақ берип қойыӯды нийет еткен еди.
«Жолымызда ушыраған ҳәр бир қыйыншылық ҳәм тосықлар жасаӯ шараятымызды және де жақсылаӯ, саӯап ислер ислеӯимиз ушын берилген бир мәўрит екен!»
Өзбек тилинен
Светлана Жалменова
аӯдармасы
«Қарақалпақстан жаслары» газетасы
22-декабрь, 2016-жыл №51-52 (7912)
Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...