Сана: 11.02.2017 10:44 | Муаллиф: Светлана Жалменова | Рукн: Таржимонлик маҳорати | Ўқилди: 3232Шарҳ 0
Күнлердиң биринде бай-бардамлы бир жигит жақында сатып алған, жаңа шет ел маркалы машинасында шексиз қуўанышқа бөленип, заўықланып музыка тыңлап самалдай ырғып барар еди. Жол шетинде отырған балаларды көрди де, тезликти пәсейтип, кейин өтип кетпекши болды. Сол пайытта машинасына бир тас пәт пенен урылды. Жигит машинасын тоқтатып қәхәр менен тас ылақтырған баланың жағасынан услап силкилей баслады.
«Эй, ахмақ бала. Қайсы ойың менен машинама тас аттың. Бул машина қанша туратуғынын билесең бе өзи?»
Сонда сол кишкене бала көзинде жас айланып, қалтыраған даўыс пенен: «Кеширерсиз ажаға. Мен сизге, машинаңызға жаман нийетте тас ылақтырмадым. Кешириң. Мениң ажағам майыплар арбашасынан бағана жығылып түсти. Оны көтерип арбасына отырғызайын десем, күшим жетпеди. Бир сааттан бери усы жерде өткен машиналардан жәрдем сорап атырман, бирақ хешким тоқтамады, итибар-әм бермеди. Кейин мәжбүр болдым усылай ислеўге. Болмаса, сизде тоқтамайтуғын едиңиз».
Жигит майып баланы арбашасына отырғызар екен тамағына бир зәҳәрли тас тығылғандай сезди өзин. Көзинен ықтыярсыз рәўиште жас тамшылады. Бул адам усы машинасында бир нешше жыл жүрди. Ҳәр сапары машинасын оңлатыўға бергенинде сол атылған тастан қалған изди сақлап қалар еди.
Өйткени, сол бир тастың изи оған инсаныйлық ҳаққында өмирлик сабақ берген еди.
Жуўмақ: Егер сен базыда әтирапыңдағылардың үнсиз, пәриядсыз кеўил налышларын «еситип» билмесең, сағанда «тас ылақтырады»
Өзбек тилинен
Светлана Жалменова
аўдармасы
Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...