Саламат Авезов

| |

САЗА

Сана: 13.03.2017 15:46  |  Муаллиф: Светлана Жалменова  |  Рукн: Таржимонлик маҳорати  |  Ўқилди: 1962Шарҳ 0

Бир күни әкеси кишкене баласын ертип таўға сейилге шықты. Тосаттан балажан аяғы сүринип жығылып түсти ҳәм бираз кишкене жарақатланды, аўырсынып "А-а-а-а!" деп қышқырды.  Қараса алыслардан және кимдур оған қосылып "А-а-а-а" деп бақырғанын байқап, таң қалды. Ол бул ҳаўаздың ийеси ким екенине қызығып және бақырды: "Сен кимсе-е-ең?"

Ҳәм "Сен кимсе-е-е-ең?" деген жуўапты еситти ол. Мени мазақлап турыпты деген қыял менен ашыўланып және ҳаўазын бәлентлетти: "Қорқақ!"

Даўыс аалыстан тап сол сөзди қайталады: "Қорқа-а-ақ!"

Енди ол әкесине жүзленди: ‒ Аға, бул кимниң даўсы өзи, мени қайталап турған?

Ағасы жүзинде мыйық тартып жуўап ретинде: ‒ Мине, енди қара балам! ‒ деп бәлент таўдың төбесине, ҳаўаз келип турған жақларға қарата: ‒ Сен жақсысаң! ‒ деп қышқырды. Таўларда әкеге сол сөзди қайталап "жуўап" берди. "Мен сени жақсы көремен!" деп еледе қаттырақ бақырды әкеси. Алыстағы даўыс "ийеси" де оған тап солай қайталады. Баласы бул сыйқырға еле түсиниңкиремей аң-таң болып турғанын көрип әкеси жалықпай түсиндирди: "Балам, буның атын "саза" деп атаймыз. Ал негизинде бул ӨМИР. Сен оған қарап нени айтсаң яки әмелге асырсаң, ол да саған тап соны қайталайды. Сениң өмириң өзиң ислеген әмеллериңди сениң өзиңе тап сол турысында қайтадан сәўлелендиреди, соны естен шығарма!"

Рус тилинен
Светлана Жалменова
аўдармасы

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top