Сана: 13.10.2016 18:10 | Муаллиф: Светлана Жалменова | Рукн: Таржимонлик маҳорати | Ўқилди: 1628Шарҳ 0
Бир кәмбағал ерли-зайыплы жасайтуғын еди. Ҳаялы сарымай писирип таярлайтуғын ал, күйеӯи оны дүканға апарып сатып келетуғын еди. Ҳаял сары майды дөңгелек формада ислейтуғын еди ҳәм оның аӯырлығы бәрҳа 1 кг етип жасайды. Олар усылайынша балаларын, шаңарағын бағады.
Бир күни дүкандар сатыӯшы оған сарымайды сатып жүрген кәмбағалдан гүманланып, ҳәр күни сатып алып жүрген сарымайларды тәрезиде тартып көрди. Қараса, майлардың ҳәр бири 1 кг емес, ал 900 грамм болып шықты. Буннан сатыӯшы ғәзепке түсти.
Ертеңине сол кәмбағал таң азанда дүканға келеди. Сатыӯшы оған ғәзеп пенен былай деди;
— Ендигиден былай маған сарымайыңды алып келме! Мен енди сениң майларыңды сатып алмайман, сен өтирикши екенсең! Сен маған ҳәр бир домалақ сарымай 1 кг нан шығады деп едиң, кеше өлшеп көрсем олар 900 граммнан екен-ғо. Мени алдап бопсаң!
Сонда кәмбағал киси жүзинде қапагершилик пенен былай жуӯап берипти:
— Аға, бизиң тәрезимиз жоқ еди, соның ушын ҳәр дайым мен сизден сатып алған бир кг қумшекер менен өлшеген едим. Соған қарап биз ҳаялым екеӯмиз сарымайды таярлайтуғын едик...
Ҳәмийше есиңизде тутың: Егерде сиз басқаларды баҳалаӯда қандай өлшемнен пайдалансаңыз, оларда сиз ҳаққыңыздағы пикирлеринде тап сондай өлшемнен пайдаланады... Бул дүньяның ҳәр бир нәрсеси алжасықсыз өлшеӯлер менен белгиленгениң, ҳәр бир иске мүнәсип жуӯап бар екениң умытпаң!
Өзбек тилинен
Светлана Жалменова
аӯдармасы
Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...