Сана: 12.09.2016 14:41 | Муаллиф: Светлана Жалменова | Рукн: Таржимонлик маҳорати | Ўқилди: 1613Шарҳ 0
Әййем-әййем заманда, Қытайдың кишкене бир аӯылларының биринде бир жигит жасаған екен. Оған 36 жасында дым оғыры байып кететуғынлығы ҳақққында айтылыпты. Жигиттиң ата-анасы ҳәм пүткил аўыл халқы бул хабардан қатты қуўаныпты. Ол жигиттиң ата-бабалары бағман болып өткен екен.
Бирақ, жигит хешбир өнерди үйренбепти. «Күш ҳәм ўақыт сарплап не қыламан, бәри бир түбинде байып кетемен ғо», деп өмирин усы тақылетте ата-анасының қарамағында өткере берипти.
Ўақты-сааты жетип жигиттиң ата-анасы дүньядан өтипти. Жигит ата-бабасынан мийрас болып киятырған үйин ҳәм бағын сатып жиберипти.
Ал, өзи болса сол аўылдың шетиндеги ылашықта жасай берипти.
Аўыл адамлары пайдасы тийер деген нийетте оны бағыпты. Усылай етип болжанаған ўақыт та келипти. Жигит 36 жасқа толыпты. Лекин, баяғы көп байлықтан еле дәрек жоқ. Қоңсылары налый баслапты, ҳәм оны буннан артығына баға алмаслығын айтыпты. Байып кетиўи керек болған жигит жеӯге ҳеш нәрсеси болмай, бир күни мийӯе териӯге тоғайға барыпты. Бир түйир де мийўе табалмапты. «Салысы суўға кетип» кейпиятсыз қайтып киятырса, жолда үлкен бир орға түсип кетипти. Бул шуқырдан шығыў ушын текшелер қазса жетерли еди. Бирақ, соған да еринип бул жерден аўылдың дийқанлары өтер, шуқырда отыра берипти. Ақыры дийқанлардың жәрдеми менен зорға бир әмеллеп зорға шығып алып, ылашығына келипти, орнына жатып, сол жатыстан турмай, өлип қалыпты. Бул жигит қайтыс болған соң, «о дүньяға» рухы жетиўи мәмал жаратқанға наразылық шағымын билдирипти.
Тексериў басланыпты. «Тәғдирлер китабы» ашып қаралса, шынында да бул жигит 35 жасында үлкен байлыққа ийе болыўы керек еди.
Ғазнашы шақырылыпты.
— Ауа, тап солай, – депти ғазнашы. – Байлық өз орнында турыпты. Мәселе сол алыўшы менен байланыслы. Байлықты бериӯ мүддети жеткенинде биз бул адамды бағманлар арасынан изледик, бирақ табалмадық. Кейин әскерлер, алымлар, дийқанлар арасынан көп изледик. Ол хеш жерден де таппадық, ол үйде басқа адамлар жасайды екен. Излеп-излеп тоғайдан таптық. Жолдағы шуқырға байлықты таслап қойдық. Өзи азырақ мийнет етип сол жерди қазса болар еди. Бирақ, буны ислемеди еринди. Кейин ылашығына барып едик, кешигип қалыппыз. Солай етип бул жигитке байлық буйырмады.
Буннан жуўмақ шығарыӯ өзиңизден, әзизлер!
Өзбек тилинен аӯдарған:
Светлана ЖАЛМЕНОВА
«Қарақалпақстан жаслары» газетасы
1-декабрь, 2016-жыл №47 (7907)
Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...