Саламат Авезов

| |

Жаўызлығыңыз

Сана: 25.03.2017 15:35  |  Муаллиф: Светлана Жалменова  |  Рукн: Таржимонлик маҳорати  |  Ўқилди: 1838Шарҳ 0

Устаз шәкиртлеринен сорады:
— Не себеп адамлар бир-бири менен жәнжеллескен ўақтында қатты даўыс пенен бақырып, алып ‒ допылып урсады?
— Олар себеби сол гезде қәтержамлығын жойтып турғаны ушын шығар? ‒ деп пикирлерин билдирди шәкиртлер.
— Деген менен, не ушын енди тап қасында турған адамға қатты даўыс көтерип сөйлейди, ол еситпей ме әстен айтса? ‒ қосымша сораў таслады устаз.

Оқыўшылары ҳайран пишинде ийинлерин қысты. Сонда устазы кеңирек түсиниклер берди:

— Адамлар бир-бири менен жәнжеллесип атырған ўақтында олардың арасындағы ренжиўшилик күшейип барады, жүреклери де бир-биринен узақласа баслайды. Буның себебинен олардың кеўил сарайлары да алыслап барады. Сол ўақытта олар даўсын бәлентлетиўине туўра келеди. Оларда бир-бирине қәншелли гийне ҳәм зулым күшейгени сайын, бақырысты күшейтеди. Ал, егер адамлар бир-бирин сүйетуғын, қәдирлеп қәстерейтуғын, меҳирли болса қандай болады? Онда олар сыбырлыға мегзес сес пенен-ақ бир-бирин еситеғояды.

Егер кеўиллер бир-бирине жақын болса, арадағы қашықлық қанша екени әҳмийетсиз болып қалады. Биреў биреўине кеўил қойған ашықларды алып қарайық, олар көбинесе сыбырласып сөйлеседи ҳәттеки бир аўызда сөз айтпастан өз ара бир бирин көз қарасларынан-ақ түсинип алатуғыны бар.

Соны естен шығармаң, даў-жәнжел сиз ҳәм сәўбетлесиңизди, жақынларыңызды бир бириңизден жырақластырады. Ал, ашыў ҳәм ыза менен айтылған ҳәрқандай жаман аўыр сөзлер бул жағдайды бес беттер күшейтеди. Сонлықтан бундай кеўилди қабартатуғын ызалы гәп сөзлерди пайдаланбаўға тырысың. Күнлердиң күни келип сол ислеген "жаўызлығыңыз" ақыбетинде жақынларыңыз қасына, кеўил сарайына қанша урынсаңызда қайта алмаўыңыз мүмкин.

Рус тилинен
Светлана Жалменова
аўдармасы

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top