Саламат Авезов

| |

Переводческое мастерство

  • Әлбетте пайда береди

    Дата: 30.01.2017 12:41  |  Автор: Саламат Авезов  |  Категории: Таржимонлик маҳорати

    Теңиз жағасында сейил қылып жүрген киси сәл арманлаўда нелердидур жерден алып, теңизге атып атырған баланы көрди. Жақынрақ барса, бала қумдан теңиз жулдызшаларыны алып, жаға болап шашылып жатар еди.

  • Ең жақсы сабақ

    Дата: 24.01.2017 11:31  |  Автор: Саламат Авезов  |  Категории: Таржимонлик маҳорати

    Бир күни устаз ҳәм шәкирт сейилге шығыпты. Гөззал тәбият, таза ҳаўа... Қулласы, кеўил рәҳәтланатуғын көринис. Татыўлық, айдарған жердиң алдынан өтип қалыпты. Атыз шетинде ески ертеги ҳәм жамаўлы кийимини шешип қойған бир дийхан тап алыў менен бәнтмиш. Екиўиде буўымлар дийханға тийисли екенини сезди.

  • Дүньяны дүзетиў

    Дата: 18.01.2017 11:21  |  Автор: Светлана Жалменова  |  Категории: Таржимонлик маҳорати

    Бир адам екшемби күни бир ҳәптелик шаршаўын шығарайын деп ерте таңнан қолына газетасын алып күн бойы ҳеш нәрсе ислемей, ҳеш жерге бармай үйде болыўды режелестирди.
    Сол пайыт баласы қасына келип паркке қашан апаратуғынын сорады.

  • Бир дана мәйектиң жүки

    Дата: 12.01.2017 13:08  |  Автор: Саламат Авезов  |  Категории: Таржимонлик маҳорати

    Қурбан ата еки күн үйинде болмади. Келип қараса, қоңысының таӯықлары екинлерини шоқылап, заялап таслапты, және хамбардағы қапты тесип, әдеӯир жемди жепти. Ата оларды қуӯды, қоңысы тәрепине өтирип жиберди. Жем салынған қаплардың аӯызыны беккемлер екен, сол жерде турған бир дана мәйекти көрип қалды. Қоңысыны шақырып, мәйекти бери жибермекши болды-да, ал асығып турғаныннан бул жумысты ертенге қалдырды.

  • Айып кимде?

    Дата: 06.01.2017 12:13  |  Автор: Саламат Авезов  |  Категории: Таржимонлик маҳорати

    Ҳәр дайым ол уядан-бул уяға көшип жүретуғын бир кептер жасаған екен.  Негедур, уялардан келетуған сассық ийис себепли бир жайда көними жоқ еди. Буннан жүдә безип кетген қус көпти көрген, тәжрийбели кептерге мәсләҳәт салыпты. Ол болса кептердиң гәпини тыңлап, сондай депти:

  • Үш елек

    Дата: 26.12.2016 12:26  |  Автор: Светлана Жалменова  |  Категории: Таржимонлик маҳорати

    Бир адам Сократқа бир күни былай деди:
    — Билесең бе сениң достың сен ҳаққында маған не деди?
    — Тоқтап тур, – деди Сократ оған. – Әўели айтажақ болған гәплериңди үш електен өткер.
    — Үш електен? – ҳайран болды ол адам да.
    — Бир нәрсени айтпастан алдын, оны үш електен өткериў керек. Әўели ҳақыйқат елегинен. Әне сол гәп шын-ырас екенине сениң исенимиң кәмил ме?

  • Бул ҳаял ушын жүдә әҳмийетли

    Дата: 16.12.2016 11:22  |  Автор: Светлана Жалменова  |  Категории: Таржимонлик маҳорати

    Мазалы тағамларды ҳәрқандай еркек те зор иштей менен жақсы көрип жейди. Бирақ, деген менен олардың ҳәммесиде бундай шийрин тағамлар ушын өз зайыбына миннетдаршылық сезимлерин билдире бермейди. Бир рәӯиятқа көре, дийқан ҳаял күнделикли жумыс күнине, үй-руӯызыгер ислеринен соң дастурханға бир баӯ пишен әкелип қойыпты. Шаңарағындағылар ҳайран болып оннан буның себебин сорапты. Ҳаял болса былай деп жуӯап берипти: «– Мен сизлердиң буған итибар беретуғыныңызды қаяқтан билиппен?» Қанша жыллардан бери сизлер ушын ҳәм ислеймен ҳәм аӯқат таярлайман. Бирақ, сонша ӯақыттан бери пишен емес, мазалы тағам жет отырғаныңызды бир жыллы сөз  бенен аңлатпағансызлар-ғо», – деген екен.

  • Толы ыдыс

    Дата: 11.12.2016 15:08  |  Автор: Светлана Жалменова  |  Категории: Таржимонлик маҳорати

    Философия пәни оқытыўшысы, профессор аудиторияда студентлерге төмендегише тәжирийбе сабағын өткерди. Тәжирийбеге көре, профессор стол үстине банка қойып оның ишин орташа үлкенликтеги таслар менен толтыра баслады. Кейин студентлеринен сорады:
    — Банка, толды ма?
    Студентлер: – Аўа, толы, – деп жуўап берди.

  • Шаңарақ муқаддеслиги ҳаққында

    Дата: 06.12.2016 19:01  |  Автор: Светлана Жалменова  |  Категории: Таржимонлик маҳорати

    Белгили философ Сократтан шәкиртлери сорады:
    — Неке кеўилдегидей болыўы ушын қандай шәртлер керек?
    — Буның ушын еки нәрсе керек, – депти уллы грек философы. – Ер «саңыраў», ал ҳаял «соқыр» болыўы керек.
    Жуўмақ: шаңарақтағы ҳәмме майда-шүйдеге қулақ аса бермеў де көп нәрселерге көз жума билиў де, уямыздың тынышлығын ҳәм беккемлигин тәмийинлейди.

  • Мийнет ҳәм жақсылық кәмилликке жетеклейди

    Дата: 01.12.2016 19:01  |  Автор: Светлана Жалменова  |  Категории: Таржимонлик маҳорати

    Өткен заманлары бир патша өз сарайына келетуғын жол үстине үлкен бир гиддиман тас қойдырды. Саӯдагерлер, кәрӯаншылар, сарай ақсүйек хызметкерлери бул жолдан ҳәр күни өтер еди. Бирақ, олардың ҳәммеси бул үлкен тастың әтирапынан айланып өтип сарайға кирип жүре берди.
    Бир күни аӯылдан киятырған бир дийқан киси усы жолдан жүрип келе берди. Қараса, тап адамлар өтетуғын жолдың үстинде бир тас жатыр. Дәрҳал үстиндеги шекпенин шешип, жолаўшыларға кесент берип турған бул тасты жолдан алып таслаӯға киристи. Әдеӯир ӯақыттан соң терлеп-тепшип сол тасты орнынан қозғалтып шетке ысырып алып таслаӯды әмелледи.

  • Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

    Поиск

    Услуги

    Главная страница сайта

    Категории

    Протянем друг другу руку помощи и поддержки


    Вы знаете своя права?

    Справочник

    Учреждений и организаций работающих для людей с особыми потребностями в Республики Каракалпакстан

    Сотрудничество





    Б
    л
    и
    ц
    -
    И
    н
    ф
    о
    р
    м
    а
    ц
    и
    я

    Полное имя и отчество: Авезов Саламат Юлдашевич.
    Дата рождения: 1983 год 27 июль.
    Место рождения: город Нукус.
    Образование: Нукусский Филиал ТУИТ. Факультет Информационные технологии.
    Специальность: Информатика и информационные технологии, Веб-дизайнер.
    Знак зодиака: Лев.
    Год рождения человека: Кабан.
    Читайте дальше...

    Go to Top