Дата: 31.03.2017 15:34 | Автор: Светлана Жалменова | Категории: Таржимонлик маҳорати
Кунлерден бир күни бир устаз өз шәкиртлерин жыйнап, өткен ақшам бел-буўарға шекем қар жаўғаны ҳәм усы мәселе бойынша не ислеў кереклиги ҳаққындағы шәкиртлериниң усынысларын айтыўын сорады. Биринши шәкирти: ‒ Биз күн жылып қарлардын ериўин Жаратқаннан тилек тилеп сораныўымыз керек, ‒ деди
Дата: 25.03.2017 15:35 | Автор: Светлана Жалменова | Категории: Таржимонлик маҳорати
Устаз шәкиртлеринен сорады:
— Не себеп адамлар бир-бири менен жәнжеллескен ўақтында қатты даўыс пенен бақырып, алып ‒ допылып урсады?
— Олар себеби сол гезде қәтержамлығын жойтып турғаны ушын шығар? ‒ деп пикирлерин билдирди шәкиртлер.
— Деген менен, не ушын енди тап қасында турған адамға қатты даўыс көтерип сөйлейди, ол еситпей ме әстен айтса? ‒ қосымша сораў таслады устаз.
Дата: 19.03.2017 15:44 | Автор: Светлана Жалменова | Категории: Таржимонлик маҳорати
Алыс аўыллардың биринде бир данышпан ғарры жасапты. Ол кишкене жас-өспирим балаларды дым жақсы көрер ҳәм күниге көп ўақтын сол балажанлар менен ойнап өткерер еди. Ол балажанларға ҳәрқыйлы ойыншықлар соғып саўға етип үлестирер еди. Бирақ бул жасалған ойыншықлар қаншелли сулыў шырайлы болсада оғада морт, сыныўшаң әззи етип соғылған еди. Балалар қәншелли абайлап пайдаланса да ойыншықларды сындырып ала берди, олар буннан ашыўланып жылап жүрди. Келеси күнлери саўға тарқатыўшы ата кешегиден де сыныўшаң ойыншықлар усынды. Бир күни балалардың ата-аналары келип буның себебин оннан сорапты:
Дата: 13.03.2017 15:46 | Автор: Светлана Жалменова | Категории: Таржимонлик маҳорати
Бир күни әкеси кишкене баласын ертип таўға сейилге шықты. Тосаттан балажан аяғы сүринип жығылып түсти ҳәм бираз кишкене жарақатланды, аўырсынып "А-а-а-а!" деп қышқырды. Қараса алыслардан және кимдур оған қосылып "А-а-а-а" деп бақырғанын байқап, таң қалды. Ол бул ҳаўаздың ийеси ким екенине қызығып және бақырды: "Сен кимсе-е-ең?"
Дата: 07.03.2017 11:00 | Автор: Светлана Жалменова | Категории: Таржимонлик маҳорати
Бир күни сақыпқыран Әмир Темурдан сорапты: «Сизиң әпиўайы бекликтен усындай уллы салтанат ийеси дәрежесине жетиўиңизде не жәрдем берди?»
Уллы ҳүкимдар былай деп жуўап берди: «Мен ҳәрқандай жағдайда да үмитсизликке түспедим. Бул жағдайда мен қумырсқадан өрнек алдым. Бир күни душпанларымнан қашып, бир қарабаханаға жасырындым.
Дата: 01.03.2017 23:58 | Автор: Светлана Жалменова | Категории: Таржимонлик маҳорати
Белгили жүрек хирургларынан бири бир күни автомобилиниң моторын көрсетиў ушын механиктиң устаханасына келипти. Механик уста автомобиль моторын ашып оңлаўды баслады, жарамсыз ҳалға келген айырым аўысық бөлекшелерин алып орнына тазаларын орнатты. Уста хирургке қарап былайынша сөзге тартты: «Мүмкин болса сизге бир сораў берсем?»
Дата: 23.02.2017 17:25 | Автор: Светлана Жалменова | Категории: Таржимонлик маҳорати
Бул ўақыя еки жыл алдын жүз берген еди. Мен атам ҳәм кемпир апамның үйине барғанымда дала ҳәўлиде топ-топ жыйналған қусларға көзим түсти. Шымшық, қумыры, майна хәм басқа да ҳәрқыйлы қуслар терек шақаларында ҳәм дийўалларда қонып – қонақлап отырар еди. Мениң оларға тигилип қарап турғанымды көрген атам, бул қусларды бир нешше жыллардан бери турақлы түрде еки мәҳәл нан қалдықлары ҳәм бийдай дәнлери менен баққаны себепли мине қуслар ҳәр күни тек ғана оны интизарлық пенен күтетуғынлығын айтты.
Дата: 17.02.2017 11:00 | Автор: Светлана Жалменова | Категории: Таржимонлик маҳорати
Японларда мынадай белгили бир гәп бар екен: "Ең бахытлы шаңарақтың ери – Қол, ҳаялы болса – Көз ўазыйпасын атқарады". Не ушын японлар муқаддес шаңараққа бундай мегзетиў берген билесиз бе?!
Дата: 11.02.2017 10:44 | Автор: Светлана Жалменова | Категории: Таржимонлик маҳорати
Күнлердиң биринде бай-бардамлы бир жигит жақында сатып алған, жаңа шет ел маркалы машинасында шексиз қуўанышқа бөленип, заўықланып музыка тыңлап самалдай ырғып барар еди. Жол шетинде отырған балаларды көрди де, тезликти пәсейтип, кейин өтип кетпекши болды. Сол пайытта машинасына бир тас пәт пенен урылды. Жигит машинасын тоқтатып қәхәр менен тас ылақтырған баланың жағасынан услап силкилей баслады.
Дата: 05.02.2017 11:30 | Автор: Саламат Авезов | Категории: Таржимонлик маҳорати
Бир күни патша деңиз саяхатына шықты. Оның ҳеш деңизге шығып көрмеген ҳәм жол азабыны тартпаған бир әскери де бар еди. Кеме суўға түсирилип, толқынлар ишинде ҳәрекетлене баслаған еди, әскерди қорқыныш қамрап алыпты. Өз-өзинен қалтырап жылай баслады.
Полное имя и отчество: Авезов Саламат Юлдашевич.
Дата рождения: 1983 год 27 июль.
Место рождения: город Нукус.
Образование: Нукусский Филиал ТУИТ. Факультет Информационные технологии.
Специальность: Информатика и информационные технологии, Веб-дизайнер.
Знак зодиака: Лев.
Год рождения человека: Кабан.
Читайте дальше...