Саламат Авезов

| |

Таржимонлик маҳорати

  • Тийкаргы жөн ўазыйпанды умытпа!

    Сана: 31.03.2017 15:34  |  Муаллиф: Светлана Жалменова  |  Рукн: Таржимонлик маҳорати

    Кунлерден бир күни бир устаз өз шәкиртлерин жыйнап, өткен ақшам бел-буўарға шекем қар жаўғаны ҳәм усы мәселе бойынша не ислеў кереклиги ҳаққындағы шәкиртлериниң усынысларын айтыўын сорады. Биринши шәкирти: ‒ Биз күн жылып қарлардын ериўин Жаратқаннан тилек тилеп сораныўымыз керек, ‒ деди

  • Жаўызлығыңыз

    Сана: 25.03.2017 15:35  |  Муаллиф: Светлана Жалменова  |  Рукн: Таржимонлик маҳорати

    Устаз шәкиртлеринен сорады:
    — Не себеп адамлар бир-бири менен жәнжеллескен ўақтында қатты даўыс пенен бақырып, алып ‒ допылып урсады?
    — Олар себеби сол гезде қәтержамлығын жойтып турғаны ушын шығар? ‒ деп пикирлерин билдирди шәкиртлер.
    — Деген менен, не ушын енди тап қасында турған адамға қатты даўыс көтерип сөйлейди, ол еситпей ме әстен айтса? ‒ қосымша сораў таслады устаз.

  • Cүйикли ойыншықлар

    Сана: 19.03.2017 15:44  |  Муаллиф: Светлана Жалменова  |  Рукн: Таржимонлик маҳорати

    Алыс аўыллардың биринде бир данышпан ғарры жасапты. Ол кишкене жас-өспирим балаларды дым жақсы көрер ҳәм күниге көп ўақтын сол балажанлар менен ойнап өткерер еди. Ол балажанларға ҳәрқыйлы ойыншықлар соғып саўға етип үлестирер еди. Бирақ бул жасалған ойыншықлар қаншелли сулыў шырайлы болсада оғада морт, сыныўшаң әззи етип соғылған еди. Балалар қәншелли абайлап пайдаланса да ойыншықларды сындырып ала берди, олар буннан ашыўланып жылап жүрди. Келеси күнлери саўға тарқатыўшы ата кешегиден де сыныўшаң ойыншықлар усынды. Бир күни балалардың ата-аналары келип буның себебин оннан сорапты:

  • САЗА

    Сана: 13.03.2017 15:46  |  Муаллиф: Светлана Жалменова  |  Рукн: Таржимонлик маҳорати

    Бир күни әкеси кишкене баласын ертип таўға сейилге шықты. Тосаттан балажан аяғы сүринип жығылып түсти ҳәм бираз кишкене жарақатланды, аўырсынып "А-а-а-а!" деп қышқырды.  Қараса алыслардан және кимдур оған қосылып "А-а-а-а" деп бақырғанын байқап, таң қалды. Ол бул ҳаўаздың ийеси ким екенине қызығып және бақырды: "Сен кимсе-е-ең?"

  • Сақыпқыранның жуўабы

    Сана: 07.03.2017 11:00  |  Муаллиф: Светлана Жалменова  |  Рукн: Таржимонлик маҳорати

    Бир күни сақыпқыран Әмир Темурдан сорапты: «Сизиң әпиўайы бекликтен усындай уллы салтанат ийеси  дәрежесине жетиўиңизде не жәрдем берди?»
    Уллы ҳүкимдар былай деп жуўап берди: «Мен ҳәрқандай жағдайда да үмитсизликке түспедим. Бул жағдайда мен қумырсқадан өрнек алдым. Бир күни душпанларымнан қашып, бир қарабаханаға жасырындым. 

  • Ҳәр кәсиптиң нәзик гөззаллығы бар

    Сана: 01.03.2017 23:58  |  Муаллиф: Светлана Жалменова  |  Рукн: Таржимонлик маҳорати

    Белгили жүрек хирургларынан бири бир күни автомобилиниң моторын көрсетиў ушын механиктиң устаханасына келипти. Механик уста автомобиль моторын ашып оңлаўды баслады, жарамсыз ҳалға келген айырым аўысық бөлекшелерин алып орнына тазаларын орнатты. Уста хирургке қарап былайынша сөзге тартты: «Мүмкин болса сизге бир сораў берсем?»

  • Тәбиятқа ғамхорлығың – сениң биринши адамгершилигиң!

    Сана: 23.02.2017 17:25  |  Муаллиф: Светлана Жалменова  |  Рукн: Таржимонлик маҳорати

    Бул ўақыя еки жыл алдын жүз берген еди.  Мен атам ҳәм кемпир апамның үйине барғанымда дала ҳәўлиде топ-топ жыйналған қусларға көзим түсти. Шымшық, қумыры, майна хәм басқа да ҳәрқыйлы  қуслар терек шақаларында ҳәм дийўалларда қонып – қонақлап отырар еди. Мениң оларға тигилип қарап турғанымды көрген атам, бул қусларды бир нешше жыллардан бери турақлы түрде еки мәҳәл нан қалдықлары ҳәм бийдай дәнлери менен баққаны себепли мине қуслар ҳәр күни тек ғана оны интизарлық пенен күтетуғынлығын айтты. 

  • Ең бахытлы шаңарақтың ери

    Сана: 17.02.2017 11:00  |  Муаллиф: Светлана Жалменова  |  Рукн: Таржимонлик маҳорати

    Японларда мынадай белгили бир гәп бар екен: "Ең бахытлы шаңарақтың ери – Қол, ҳаялы болса – Көз ўазыйпасын атқарады".  Не ушын японлар муқаддес шаңараққа бундай мегзетиў берген билесиз бе?!

  • Сизге ылақтырылған тас

    Сана: 11.02.2017 10:44  |  Муаллиф: Светлана Жалменова  |  Рукн: Таржимонлик маҳорати

    Күнлердиң биринде бай-бардамлы бир жигит жақында сатып алған, жаңа шет ел маркалы машинасында шексиз қуўанышқа бөленип, заўықланып музыка тыңлап  самалдай ырғып барар еди. Жол шетинде отырған балаларды көрди де, тезликти пәсейтип, кейин өтип кетпекши болды. Сол пайытта машинасына бир тас пәт пенен урылды. Жигит машинасын тоқтатып қәхәр менен тас ылақтырған баланың жағасынан услап силкилей баслады.

  • Кемедеги қорқақ әскер

    Сана: 05.02.2017 11:30  |  Муаллиф: Саламат Авезов  |  Рукн: Таржимонлик маҳорати

    Бир күни патша деңиз саяхатына шықты. Оның ҳеш деңизге шығып көрмеген ҳәм жол азабыны тартпаған бир әскери де бар еди. Кеме суўға түсирилип, толқынлар ишинде ҳәрекетлене баслаған еди, әскерди қорқыныш қамрап алыпты. Өз-өзинен қалтырап жылай баслады.

  • 1 2 3 4 5 6  >  >>

    Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

    Қидириш

    Хизмат кўрсатиш

    Асосий саҳифа

    Рукн

    Меҳр қўлларимизни чўзайлик

    Ўз ҳуқуқингизни биласими?

    Маълумотнома

    Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

    Ҳамкоримиз





    Б
    л
    и
    ц
    -
    М
    а
    ъ
    л
    у
    м
    о
    т

    Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
    Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
    Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
    Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
    Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
    Буржим: Арслон.
    Мучалим: Тўнғиз.
    Бавтафсил...

    Go to Top