Сана: 23.05.2016 | Муаллиф: Н. РЕЙПНАЗАРОВ | Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы | Ўқилди: 1112Шарҳ 0
Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қоры тәрепинен ҳәр жылы шөлкемлестирилип киятырған таңлаўға Өзбекистан Республикасы «Нураный» қоры Орайлық Кеңеси «Кекселерге итибар ҳәм ғамқорлық — социаллық қоллап-қуўатлаўдың тийкарғы белгиси» жойбары менен қатнасып, грант қаржыларын жеңип алған еди.
Усы грант қаржылары есабынан Қарақалпақстан Республикасындағы «Тақыятас» кекселер ҳәм майыплар, урыс ҳәм мийнет ветеранлары санаторийине 21 миллион сум муғдарындағы Массажер стимулятор термотерапевтикалық арнаўлы NM-500 кроваты, сондай-ақ, қордың Орайлық Кеңесине Өзбекистан «Дори-дармон» акционерлик компаниясы тәрепинен мүриўбетлик жәрдем ретинде берилген 2 миллион 822 мың 667 сумлық дәри-дармақлар қайырқомлық жәрдем ретинде берилди.
Бул санаторий 2002-жылдан өз жумысын баслап, оның тийкарғы хызмети ҳәрекет-таяныш ҳәм нерв системасы кеселликлерин емлеў ушын мөлшерленген. Өткен жылы бул жерде жоллама менен Хорезм ўәлаятынынан ҳәм республикамыздан 2025 кексе әўлад ўәкили өз саламатлықларын тиклеген болса, усы жылдың биринши шереги даўамында 525 адам емлениў бахтына миясар болды.
Кекселерди қәдирлеў халқымызға тән әзелий пазыйлетлердиң бири болып, ғәрезсизлик жылларында нураныйларға болған итибар барған сайын артып бармақта. Оларға ғамқорлық көрсетиўди күшейтиў, турмыс дәрежесин ҳәм сапасын арттырыў ушын қолайлы шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый шараятлар жаратыўға қаратылған нызамшылық ҳәм нормативлик-ҳуқықый базаны буннан былай да жетилистириў, кекселерди, ең алды менен фашизм үстинен ерисилген жеңиске ҳәм ?атанымызды қайта тиклеўге мүнәсип үлес қосқан 1941-1945-жыллардағы урыс ҳәм мийнет фронты ветеранларын социаллық қорғаў ҳәм қоллап-қуўатлаўды күшейтиў, жалғыз жасайтуғын қариялар менен майыпларға көрсетилетуғын социаллық ҳәм турмыслық хызметлердиң түрин кеңейтиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша бағдарлама ислеп шығылып, жумыслар алып барылмақта.
Усы жыл 11-май күни санаторий жәмәәтине усы қайырқомлық жәрдем жүгин тапсырыў мәресими болып өтти.
Онда Өзбекистан «Нураный» қоры Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Ш.Уснатдинов, Қарақалпақстан Республикасы Кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң баслығы У.Жәлменов, Министрлер Кеңесиниң Секретариат баслығы Т.Әбдихаликов, Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары А.Сержанов шығып сөйлеп, елимизде Президентимиздиң басшылығында кексе әўлад ўәкиллерине болған дыққат итибардың ҳәм ғамқорлықлардың жылдан-жылға күшейип атырғанын атап өтип, алып келинген медициналық үскене ҳәм дәри-дармақларды тапсырды.
— Мен 46 жыл даўамында оқытыўшы болып ислеп, ҳәзирги ўақытта ҳүрметли демалыстаман, - дейди берунийли нураный атамыз Сабыр Бабажанов. — Бул санаторийға екинши мәрте келип дем алып атырман. Бизге жақсы мүнәсибетте болып, емлеў, аўқатланыў, демалыў шараятлары ағла дәрежеде жаратылған. Буның ушын усы емлеў мәкемесиниң гүллән жәмәәтине аталық миннетдаршылығымызды билдиремиз.
Илаж соңында санаторийдиң бас шыпакери А.Мадаминов сөзге шығып, бундай инсаныйлық жәрдеми ушын «Нураный» қорына, Республика ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги басшыларына терең миннетдаршылық билдирди.
Н.РЕЙПНАЗАРОВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.
Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...