Саламат Авезов

| |

Матам илажлары даўам етпекте

Сана: 19.10.2016  |  Муаллиф: Н. Рейипназаров  |  Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы  |  Ўқилди: 1079Шарҳ 0

Усы күнлери орынларда Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти, ғәрезсизлигимиздиң тийкарын салыўшы Ислам Әбдиғаниевич Кәримовтың естелигине арналған илажлардың өткерилиўи даўам етпекте. Шымбай мүриўбет майыплар ушын ерлер интернат үйинде болып өткен матам ҳәм қайыр-сақаўат илажына район ҳәкимлигиниң басшылары, мешит имам қәтиби ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Илаж қатнасыўшылары Ислам Әбдиғаниевич Кәримовтың портрети алдына гүл шеңберлерин қойды ҳәм оның ҳүрметине қуран оқылды.

Шығып сөйлеўшилердиң атап өткениндей, елимиздиң Биринши Президенти өзинен мәңгилик мийрас етип гүлленген ҳәм раўажланған Ўатанды қалдырып, мәмлекетимиздиң раўажланыў жолын белгилеп берди. Елимизде миллетлераралық ҳәм пуқаралараралық аўызбиршилик, өз-ара ҳүрмет, мийрим-шәпәәт орталығын жаратты ҳәм беккемледи. Бул турақлы орталық елимиздеги барлық салаларда жоқары табысларға ҳәм нәтийжелерге ерисиў мүмкиншилигине пуқта шараят жаратты. Елимиздиң раўажланыўын, хал­қымыздың мәпи жолында әмелге асыр­ған жумыслары ҳәм реформаларының жыллар өткен сайын қәдири артып бара береди.

Ислам Әбдиғаниевич Кәримов — тынышлықты сүйиўши сиясатшы, уллы мәмлекеттиң тийкарын салыўшы сыпатында жәҳән тарийхында өшпес из қалдырды.

Илаж соңында мүриўбет үйи тәрбия­ланыўшыларына қайыр-сақаўат илажы шөлкемлестирилип, кең дастурхан жайылды.

Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти Ислам Әбдиғаниевич Кәримовтың жарқын естелигине бағышланған матам ҳәм қайыр сақаўат илажы Хожели районындағы 1-санлы Меҳрибанлық үйинде де болып өтти.

Н.Рейипназаров,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы Рәсмий веб-сайты

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top