Саламат Авезов

| |

КӨЗЛЕРДИ ЖАСЛАҒАН КЕШЕ

Сана: 21.02.2017  |  Муаллиф: Т. ЖӘРИМБЕТОВА  |  Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы  |  Ўқилди: 1359Шарҳ 0

1979-жылы басланған Аўғанс­­­тан урысы кимниң болса да жүрегин сызлатады. Бул урыс атаны перзентинен, перзентти атасынан, кимдидур қостарынан, жақынынан айырды. 1979-1988-жыллары Қарақалпақстан Республикасынан Аўғанстанға 2816 азамат атланған болса, соннан 88 и дүньядан көз жумған. Олар үмит ушқынлары ҳәм күш-ғайраты тасып турған 18-20 жаслар аралығындағы нәўқыран жигитлер еди. Олардың елге аман-саў оралыўын үлкен үмитлер менен күтип отырған ата-аналар, туўған-туўысқанлар, дос-яранлар аўҳалы бәршемизге бирдей мәлим.

Мине, усындай ер-азаматларды еслеў ҳәм қәдирлеў бәршемиздиң миннетли ўазыйпамыз. Аўғанстан урысы тамам болғанының 28 жыллығына байланыслы ҳәм Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў Жәмийетлик фонды тәрепинен қаржыландырылған «Мен өз Ўатанымды сүйемен, оның тарийхы менен, тынышлық ҳәм татыўлық қорғаўшысы болған Қураллы Күшлери менен мақтанаман» атамасындағы грант жойбары шеңберинде Өзбекистан «Ветеран» жаўынгер-ветеранлар ҳәм Майыплар бирлеспесиниң Қарақалпақстан Республикасы тәрепинен  Бердақ атындағы мәмлекетлик сазлы театрында ушырасыў ҳәм байрам илажы шөлкемлестирилди. Онда Аўған урысы қатнасыўшылары, урыста қаза тапқан жаўынгерлердиң ата-аналары, ветеранлар, Арқа-Батыс әскерий округи жаўынгерлери, меткеп оқытыўшылары ҳәм оқыўшылары қатнасты.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Комитет баслығы Сағындық Турманов, Өзбекистан Ветеран бирлеспесиниң Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Бабур Таджимовлар жыйналғанларды байрам илажы менен қутлықлап, олардың ел тынышлығы жолында атқарған хызметлери, мийнетлери ҳаққында сөз етти.

Буннан соң «Мен Ўатанымды сүйемен» таңлаўының жеңимпазлары анықланды. Усы грант жойбары шеңберинде «Ветеран» жаўынгер-ветеранлар шөлкеми тәрепинен әмелге асырылған бул таңлаў Нөкис қаласы орта билим бериў мектеплери арасында шөлкемлестирилди. Онда тийкарынан жасларды Ана-Ўатанға мухаббат, оған садықлық руўхында тәрбиялаў, жат идеялардан аўлақ етиў темасы барысында сахналық көринислер қойып бериў ҳәм муғаллимлердиң сабақларды мазмунлы өтиўи итибарға алынды. Таңлаў жеңимпазлары «Ҳүрмет жарлығы» ҳәм арнаўлы саўғалар менен сыйлықланды.

— 1985-жылы Аўғанстанға атланғанымда 18 жасар бала едим. Баграм қаласында үлкен имаратларды, шегараларды қорғаўда 2,5 жыл хызмет еттим. Қолымызға китап, қәлем орнына қурал-жарақ алып, қулақты қәўметке келтиретуғын атыспалар ҳаўазы астында ел қорғағанбыз, тыныш ҳәм абадан турмысты арзыў еткенбиз. Сол қанлы жылларды ҳеш еслегим келмейди. Шүкир, ҳәзир тыныш аспан астында перзентлеримиз билим алып, ата-анасының қушағында бийғам өсип-өнбекте. Бизлерди усындай орынға мирәт етип ҳәм ҳүрмет көрсетип атырған тийисли шөлкемлерге миннетдармыз,-дейди Дәўлетбай Бостанов.

Аўған урысы ҳаққында фильм ҳәм қаза тапқан жаўынгерлер сүўретлери қойып берилгенде кеше қатнасыўшылары көзлерине ериксиз жас алды. Халқымыз мәрт азаматларын ҳасла умытпайды.

Илажда ветеранларға, Аўғанс­тан урысы қатнасыўшыларына байрам саўғалары тапсырылды. Театр дөретиўшилиги тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен кеше даўам етти.

Т. ЖӘРИМБЕТОВА.
СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы Рәсмий веб-сайты

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top