Саламат Авезов

| |

Қарақалпақстанда бирқатар шаңарақлар бахытқа бөленбекте

Сана: 08.09.2017  |  Муаллиф: Д.АБИБУЛЛАЕВ  |  Манба: KKNEWS.uz  |  Ўқилди: 517Шарҳ 0

Алдын хабар етилгениндей, 7-сентябр күни Хожели районында болып өткен көшпели қабыллаў мүнәсибети менен усы күни райондағы «Абат» массивинде бир қабатлы 3 ханалы 15  турақ жайды пайдаланыўға тапсырыў салтанаты болып өтти.  Онда жаңа турақ жайлардың гилтлери өз ийелерине тапсырылды. Быйылғы жылдың февраль айында қурылысы басланған турақ жайларды пайтахтымыздағы «Гентиклаш-қурилиш» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қурылысшылары сапалы етип қурып питкерди.

Президентимиздиң арнаўлы тапсырмаларына муўапық тийкарынан кем тәмийинленген, жас шаңарақлар, жалғыз баслы ҳәм  майыплар усындай үлги жойбарлар бойынша қурылған арзан турақ жайлар менен тәмийинленбекте. Усы күни екинши топар майыбы Уринча Кенжебаева, бағыўшысынан айрылған Насиба Алимова, Сагидулла Жумамуратов, сондай-ақ, көп балалы шаңарақ ағзалары турақ жайлы болды.

‒ Бүгинги қуўанышымызды сөз бенен жеткериў қыйын,-дейди Сәнжан апа Табынбаева.-Қызым Уринча Кенжебаева ҳәм жайлы, ҳәм жумыслы болды. Бүгин оған барлық қолайлылықларға ийе 3 ханалы турақ жай берилди. Соның менен бирге, заманагөй тигиў машинасы менен тәмийинленди.  Турақ жайдың дәслепки төлеми қәўендер мәкемелер тәрепинен төлеп берилди. Ҳәзирги ўақытта пахта тазалаў заводы менен шәртнама тийкарында жумыс алып бармақта. Турақ жайға мүтәж, имканияты шекленген пуқараларға, көп балалы шаңарақларға  айрықша итибары ҳәм ғамқорлығы ушын Президентимиз Шавкат Мирзиёевқа шексиз миннетдаршылық билдиремиз.

Усы күни райондағы «Қолаб» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы, екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы Жаңабай ата Утамбетовқа да барлық қолайлылықларға ийе жаңа турақ жай гилти салтанатлы түрде тапсырылды.

Бул турақ жай «Нураний» қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен ажыратылған 65 миллион сум қаржы, сондай-ақ, қурылыс материаллары есабынан райондағы абаданластырыў бөлими хызметкерлери тәрепинен сапалы қурып питкерилди. Урыс ветеранына район ҳәкимлиги, «Нураний» қоры, Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси тәрепинен баҳалы саўғалар тапсырылды.

Усындай көшпели қабыллаў Елликқала районында да болып өтти. Онда Елликқала, Төрткүл, Беруний районларынан 95 пуқараның мүрәжаты көрип шығылды. Усы күни «Ақшакөл» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы, екинши топар майыбы Айымжан Аязоваға 3 ханалы турақ жай берилди.

Республикамызда өткерилип атырған көшпели қабыллаўлар шеңберинде Қанлыкөл районынан биринши топар майыбы Толыбай Атамуратов, Мойнақ районынан екинши топар майыбы Дилбар Бекмуратова,  Қоңырат районынан екинши топар майыбы Жәзийра Ешмуратова сыяқлы бир қатар пуқаралар усындай жаңа турақ жай алыў бахтына миясар болды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

Манба: Қарақалпақстан хабар агентлиги Рәсмий веб-бети

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top