Саламат Авезов

| |

ҒАМҚОРЛЫҚ ҲӘМ АЙРЫҚША ДЫҚҚАТ

Сана: 06.12.2017  |  Муаллиф: З.ЖАҚСЫМУРАТОВА  |  Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы  |  Ўқилди: 1445Шарҳ 0

Бүгинги күнде  имканияты  шекленген  балаларды  мәмлекетимизде ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға, өнер үйрениўи ҳәм билим алыўы, спорт пенен шуғылланыўы ушын  барлық  қолайлы шараятлар  жаратылған.
Қарақалпақ мәмлекетлик  Даңқ  музейинде 3-декабрь ­ «Халықаралық ма­йыплар күни»не бағышланып «Итибар ҳәм ғамқорлық» атлы  байрам кешеси болып өтти.
Илажда пайтахтымыздағы  имканияты шекленген  балалар, 4-санлы  Герең ҳәм шала еситиўши балалар  ушын қәниге­лестирилген  мәмлекетлик  билимлендириў  мәкемесиниң оқыўшылары  қат­насты.

Кешеде Қарақалпақстан Республикасы  мәденият  министри П.Айтмуратов,  музей директоры Ш.Пахратдиновалар байрам менен қутлықлап, имканияты шекленген балаларымызға мәмлекетимиз тәрепинен көрсетилип атыр­ған айрықша итибар ҳәм ғамқорлықлар туўралы айтып, оларды ана-Ўатанымызға сүйиспеншилик руўхында тәрбиялаўға, дүньяға болған көзқарасын жетилистириўге итибардың күшли екенлигин, журтымызда ҳеш бир инсанның шетте қалмайтуғынлығын атап өтти.

—­ Мен мектеп интернатында он үш жылдан берли тәрбияшы болып жумыс ислеп атырман. Жумыс процесинде балалар менен ислесип, олардың пәк қәлбиндеги муңды жоғалтыў, өмирде өз орнын табыў ушын гүресиў керек екенлигин ҳәр сабақта түсиндирип барамыз. Олар майып болыўына  қарамастан  айырымларының  пикирлеў қәбилети жоқары.   Ҳәр бир  баланың қызығыўшылығына қарап мектебимизде  шахмат, шашка, теннис, тоқымашылық, сүўретшилик дөгереклерине қатнастырамыз,- дейди Айсулыў Машарипова. — Жақында  Қарақалпақстан  көлеминде өткерилген имка­нияты шекленген мәкемелердиң  қызлары арасында  спорттың гимнастика  түри бойынша  биринши орынды алыўға  миясар болдық...

Кешеде имка­нияты шекленген балалардың атқарыўында саз-сәўбетли концерт бағдарламасы қойылып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен саўғалар тапсырылды.

З.ЖАҚСЫМУРАТОВА.

СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы Рәсмий веб-сайты

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top