Саламат Авезов

| |

ОЛАР АРАСЫНДА ТАЛАНТЛЫ БАЛАЛАР ЖҮДӘ КӨП

Сана: 24.01.2019  |  Муаллиф: Р.ТИЛЕЎОВА  |  Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы  |  Ўқилди: 1472Шарҳ 0

Дүньяның ислери бир тегис емес. Арамызда имканияты шекленген балаларлы көргенимизде кеўлимизди аяныш сезимлери уялап, түскинликке түсемиз. Оларға жәрдем қолымызды соғымыз келеди. Лекин, олар мәмлекетимиз қорғаўьнда. Ҳукиметимиз оларды қоллап-қуўатлап, оқып билим алыўы, денсаўлықларын тиклеўи ушын барлық имканиятларды жаратып қойыпты. 10-санлы көзи әззилер ҳәм шала көриўшилер мектеп интернатында да имканияты шекленген балалардың билим алыўы ушын барлық мүмкиншиликлер жаратылып, олар арасындағы талантлы, билимли балалар бәрқулла қоллап-қуўатланып келинбекте. Атап айтқанда, Өзбекстан Арнаўлы Олимплаласы Қарақалпақстан Республикасы бөлими ҳәм бир қатар қәўендер шөлекемлердиң шөлкемлестириўинде «Қайырлы ислер ҳәптелиги» акциясы өткерилип, онда мектеп-интернат тәрбияланыўшылары шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип сыйлықланды.

Сондай-ақ, имканияты шекленген балалардың атқарыўындағы концерт бағдарламасында эстрада жөнелиси бойынша 11-класс оқыўшысы А.Жақсылыкова, 10-класс оқыўшысы С.Утемисов, дуўтар жөнелиси бойынша 9-класс оқыўшылары Г.Кенжебаева, М.Сәрсенбаева, аяқ ойын жөнелиси бойынша 9-класс оқыўшылары А.Сағындықова, М.Жубатова, А.Реймова, М.Орынбаева, 8-класс оқыўшылары Ш.Аманиязов, Н.Сулайманов, Ш.Тажибаевлар белсене қатнасты. Имканият шекленген балалардың өз қоллары менен дөреткен қол өнерментшилиги өнимлери ярмаркасына «Сүўретлеў өнери» жөнелиси бойынша Ш.Ибраймова, «Бисер өнери» жөнелиси бойынша А.Пердебаева, «Тоқымашылық өнери» бойынша Г.Саидахмедовалар қатнасып, саўғалар менен сыйлықланды.

Оқыўшыларымыз спорт пенен де шуғылланып, жақсы нәтийжелерге ерисип келмекте. Атап айтқанда, жеңил атлетика бойынша өткерилген беллесиўде А.Сағындықова үшиншн, Ш.Ибраимова екинши, М.Даўлетмуратов биринши дәрежели дипломлар менен сыйлықланып, жеңимпазлықты қолга киргизди.

Олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, өмирге деген қызығыўшылығын арттырып, қоллап-қуўатлап барыў биз устазлардың әҳмийетли ўазыйпамыз болып есапланады.

Р.ТИЛЕЎОВА,
10-санлы көзи әззи ҳәм шала көриўшилер
мектеп интернаты муғаллими.

Дерек: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы
24-январь, 2019-жыл. №5 (8021)

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top