Саламат Авезов

| |

Профессор сабағы...

Сана: 05.09.2016 16:01  |  Муаллиф: Светлана Жалменова  |  Рукн: Кичик ҳикоялар  |  Ўқилди: 405Шарҳ 0

Профессор суӯ толтырылған стаканды қолына алды ҳәм стаканды алдыға созып студентлерден сорады;
— Стаканның аӯырлығы қанша деп ойлайсызлар?
Аудиторияға жан енди, ҳәрким өзинше шамалай баслады.
— Еки жүз грамм шығар-аӯ. Бәлким, үш жүз граммдур. Ал, яқшы бес жүз грамм-ақ болсын.
— Өлшеп көрмегеншелли анық аӯырлығын билип болмайды. Бирақ, ҳәзир бул әҳмийетли емес.

Мениң сорайын деп отырғаным негизи басқа нәрсе: егер усы ыдысты усы халында бир неше минут услап турсам не болады?

— Ҳеш нәрсе.

— Дурыс, ҳеш нәрсе болмайды, – деди профессор. – Ал, айтайық еки саат услап турсам не, онда не өзгереди?

— Қолларыңыз талып кетеди

— Бир күн услап турсам не?

— Қолларыңыз уйып, тамам болады, булшық етлериңиз зиянланыӯы да мүмкин. Ҳәтте емлениӯиңизгеде дуӯры келеди.

— Күн бойы услап турсам стаканның аӯырлығы өзгереме?

— Ҳеш қашан

— Ал, енди бул ахӯалдан қутылыӯым ушын не қылыӯым керек?

— Ыдысты қайтарып стол үстине қойың

— Бәрекелла!! – жүзлеринде мыйық тартып жуӯап берди профессор. – Өмиримизде ушырайтуғын қыйыншылықларда мине усыған усайды. Егер басыңызға түскен тәшуишлер хаққында бир нешше минут ойласаңыз олар сизге жақынласады. Пикирлериңизди бир неше саат олар менен бәнт ететуғын болсаңыз, олар диңкеңизди қуртып шаршатып жибереди. Ал күн бойы удайына сол тәшуиш-машқалалардың дәрти менен жүретуғын болсаңыз, онда мийиңиз жансызланып қалыӯы яғный туӯры қарар қабыл ете алмайтуғын халатқа келиӯи анық. Тәшуишлер ҳаққында тынымсыз ойлай бериӯ бирде бир жақсылыққа алып келмейди. Буның менен сол машқалалардың «аӯырлығы» да өзгерип қалмайды. Олар менен гүресиӯдиң мақул жолы ҳәрекет етиӯ. Машқаланы мүнәсип шешиң яки бир шетке ысырып қойың. Жүрегиңизге жүк болып түсетуғын аӯыр тасларды – қайғылы ой қыялларды көтерип жүрмең!

Өзбек тилинен
Светлана Жалменова
аӯдармасы

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top