Сана: 07.11.2016 19:40 | Муаллиф: Светлана Жалменова | Рукн: Таржимонлик маҳорати | Ўқилди: 1352Шарҳ 0
Владимир Андреевич Алмазов белгили хирург шыпакер. 1950-жыллары медицина институтының 4-курсында оқыйтуғын еди. Институт клиникасына бир аўыр бийтап яғный жүрек кеселлиги (эндокордит) менен бир қызды жатқызды. Оның гөззаллығына ашық болған Владимир ҳәр күни сол қыздан хабар алып турыўға әдетленген еди. Бул кеселлик пенен адамлар көп жасай алмайды. Шыпакерлер бул қызды да узаққа бармайды деп ойлаған еди.
Владимир ҳәр күни гүллер дәстеси менен келип қыздың кеўлин көтерип кететуғын еди. Усылай етип олар екеўи ортасында ышқы-муҳаббат пайда болды. Күнлер өткен сайын қыздың денсаўлығы жақсылана баслады. Клиникадан әдеўир тәўир болып, саўалып шықты. Қыз Владимирге турмысқа шықты, олар перзентли де болды. Арадан жыллар өтип Владимирдиң сүйиклиси әлемнен өтти. Оның ақырғы ўәсияты ҳәммени ҳайран қалдырған еди. Ол былай деген еди:
— Владимир, мен дүньядан көз жумсам, мениң жүрегимди алып сақлап қойың ҳәм оны өткен сабақларыңызда студентлериңизге түсиндириң. «Бул жүректиң ийеси тәўир болмас дәртке ушыраған еди, бирақ ол шыпа тапты. Оның еми – меҳир болды. Буның ийесине мен ҳәр күни меҳир беретуғын едим, сол себепли ол және бираз жыл жасады, деп өрнек сыпатында болажақ шыпакерлерге түсиндириң..» деп ўәсият етипти.
Ол жүрек Владимирдиң кабинетинде елеге шекем сақланып келмекте. Ол даңқылы хирурглардан бири болып жетисти.
Қыссадан қысса: Пайғамбар (с.а.в) нан сахабаларынан бири сорады; «Дүньяны не услап турыпты, эй Алланың Расулы?»
Оған былайынша жуўап қайтарылды: «Меҳир!»
Өзбек тилинен
Светлана Жалменова
аӯдармасы
Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...