Сана: 11.12.2016 15:08 | Муаллиф: Светлана Жалменова | Рукн: Таржимонлик маҳорати | Ўқилди: 2606Шарҳ 0
Философия пәни оқытыўшысы, профессор аудиторияда студентлерге төмендегише тәжирийбе сабағын өткерди. Тәжирийбеге көре, профессор стол үстине банка қойып оның ишин орташа үлкенликтеги таслар менен толтыра баслады. Кейин студентлеринен сорады:
— Банка, толды ма?
Студентлер: – Аўа, толы, – деп жуўап берди.
Енди профессор ыдысқа нохат дәнешелеринен бир қысым сала баслады ҳәм банканы әсте шайқап дәнешелерди таслардың арасына түсирип жайластырды. Ол және сорады:
— Банка толды ма?
— Аўа
Профессор енди қум салынған қутыны алып банкаға қумды толтырып сала баслады ҳәм ыдыс енди толық толды.
Профессор талабаларынан ыдыстың толы екенлигин және бир мәрте сорады ҳәм студентлер буны тастыйықлады. Соннан соң оқытыўшы банкаға енди ҳәммесиниң үстинен бир кружка суў қуйды.
Студентлер қызықсынып ҳайран болып қарап отырар еди.
— Ал, енди сизлерге бул тәжирийбемниң түп мәнисин түсиндиремен: Бул ыдыс – бул сизиң өмириңиз. Оған таслаған бир нешше ири таслар – бул сизиң өмириңиздеги ең әҳмийетли болған нәрселер: шаңарағыңыз, саламатлығыңыз, жақын қәдырданларыңыз, досларыңыз, перзентлериңиз – яғный бир сөз бенен айтқанда өмириңиздеги ҳәр қандай қыйыншылықларда сизиң жаныңызда туратуғын, сиздеги басқа кемис-жоғалтыўларыңызды билдирмей, орнын толтырып туратуғын нәрселер. Нохат дәнешелери – булар жеке өзиңиз ушын керекли болған нәрселер: жумыс, карьера, үй-жай, автомобиль хтб. Ал, банкаға салған қум болса – өмириңиздеги қалған барлық майда-шүйделер.
— Енди итибар бериң, егер мен банкаға ең әўели қумды салсам онда ыдыс толып қалып таслар ҳәм ноқат дәнешелери ушын орын қалмаған болар еди. Мине, усы сыяқлы, егер сиз де өзиңиздеги көп күш ҳәмде ўақтыңызды усындай майда-шүйдеге бийкарға сарп етсеңиз онда қалған әҳмийетли нәрселер ушын орын қалмайды. Сонлықтан сиз өзиңизге бахыт, қуўаныш инәм етиўши нәрселер менен бәнт болың: перзентлериңиз бенен ойнаң яки олар менен сәўбетлесиң, турмыс жолдасыңызға ўақыт ажыратың, дос-яранлар менен ушырасың. Ал, сонда да жумысқа, үй тазалаўға, автомобильиңизди оңлатыў ҳәм жуўыўға ўақыт табылады. Өмириңиздиң «ири таслары» менен көбирек шуғылланың. Турмысыңызда нелер сизиң ушын алдыңғы орында екенин аңлаң, ал, қалғаны қуры «майда қум» ғана.
Сонда бир қыз қолын көтерип сораў берди: – Ақырында қуйған суўыңыз нени билдиреди?
Профессор мыйығында күлип:
— Усыны сорайтуғыныңызды күткен едим. Сизлер не нәрселер менен қәншелли бәнт болыўыңызға қарамастан бәрибир қуры отырыўға ўақыт табасызлар. Мен мине усы әдетиңизди дәлийллеп бериў ушын банкаға суў қуйдым.
— Буннан шығарар жуўмақ: Бизге инәм етилген ең үлкен саўға-өмир аталмыш ғәниймет мәўритлерден қандай пайдаланыўымыз, кимлерге сарп етиўимиз өзимиздиң қолымызда.
Рус тилинен
Светлана Жалменова
аӯдармасы
Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...