Сана: 10.04.2016 −14:38 | Муаллиф: Саламат Авезов | Рукн: Таржимонлик маҳорати | Ўқилди: 2040Шарҳ 0
Данышпанларымыз бизди тынымсыз жақсылар менен сәӯбетлес болыӯыға ийтермелеп келген. «Сен маған сәӯбетлес достыңды айт, мен сениң кимлигинди айтаман», – дейди. Ҳәтте, қайтыс болғанда да жақсылар қасында жатыӯды әрман етеди. Неге сондай? Буның қандай ҳикмети бар? Ҳиндистанлы уллы алым, Уммат Ҳакими атын алған Ашраф Али Таҳанавийға жыйналыста бир қассап сондай сораӯ берип қалыпты. Ҳәзрет, тирилигинде тек жақсылар менен сәӯбетлес бол, өлгениңде ҳәм жақсылар қасында жат, деп көп айтасыз. Енди, тирилигинде сондай жол тутыӯ түсиникли ал, бирақ өлгеннен кейин инсан қай жерде жатыӯының не айырмашылығы бар? Ҳәзрет сораӯға жуӯап бермепти.
Бираз ӯақыт өтип, қассап сораӯда және такрарлапты. Ҳәзрет және үндемепти.
Сәӯбет болса даӯам етеберипти. Бир пайт Таҳанавийдиң жүз-көзлеринен тер қойыла баслапти. Буны көрген қассап оған болған ҳүрмети бәлентлигинен қасына өтип, оны желпей баслапты. Сонда Таҳанавий айтыпты:
— Эй, қассап! Егер желписең, тек бир өзимди желпи, қасымдағыларға самал бармасын!
Қассап ҳайран қалыпты:
— Ҳәзрет, буның илажы жоқ, сизди желписем, оларға да самалы барады. Не болыпты, олар да салқынлап алсын, - депти меҳри таӯланып.
Таҳанавий кулипти:
— Ҳә, иним, жаңағы сораӯыңның жуӯабы сол еди...
Солай екен, досларыңызға да бир-бир қарап қойың! Тәжип емес, сиз ким менен сәӯбетлес болсаңыз, олар тайпасынансыз!
Өзбек тилинен
Саламат Авезов
аӯдармасы
«Қарақалпақстан жаслары» газетасы
28-апрель, 2016-жыл №18 (7878)
Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...