Саламат Авезов

| |

Cүйикли ойыншықлар

Сана: 19.03.2017 15:44  |  Муаллиф: Светлана Жалменова  |  Рукн: Таржимонлик маҳорати  |  Ўқилди: 1570Шарҳ 0

Алыс аўыллардың биринде бир данышпан ғарры жасапты. Ол кишкене жас-өспирим балаларды дым жақсы көрер ҳәм күниге көп ўақтын сол балажанлар менен ойнап өткерер еди. Ол балажанларға ҳәрқыйлы ойыншықлар соғып саўға етип үлестирер еди. Бирақ бул жасалған ойыншықлар қаншелли сулыў шырайлы болсада оғада морт, сыныўшаң әззи етип соғылған еди. Балалар қәншелли абайлап пайдаланса да ойыншықларды сындырып ала берди, олар буннан ашыўланып жылап жүрди. Келеси күнлери саўға тарқатыўшы ата кешегиден де сыныўшаң ойыншықлар усынды. Бир күни балалардың ата-аналары келип буның себебин оннан сорапты:

— Сиз сондай ақыл парасатлы данышпан кисисиз, бирақ неге енди балаларымызға тек сынғыш саўға ойыншықларын жасап бере бересиз? Олар қанша ҳәрекет етпесин, бәрибир сүйикли ойыншықларын сындырып қойып қапа болып жылап жүр. Бундай етиўден не мақсет гөзледиңиз ата?

— Мен әйне бундай сынғыш ойыншық жасап бериўимниң себеби: жыллар өтип олар ержетеди әне сонда оларға кимдур өз кеўлин, жүрегин исенип тапсырса, олар бул ҳасыл бийбаҳа саўғаның қәдирине жетип, асырап абайлаўды үйренсин, мына ойыншықлардай етип сындырып қоймасын, деген мақсетти гөзледим деген екен.

Рус тилинен
Светлана Жалменова
аўдармасы

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top