Саламат Авезов

| |

Қыйышылықты жеңиў өз қолымызда

Сана: 02.07.2016 11:46  |  Муаллиф: Саламат Авезов  |  Рукн: Таржимонлик маҳорати  |  Ўқилди: 2996Шарҳ 0

Бир қыз әкесиниң алдына келип сорады:
— Аға, мен шаршадым, өмирим жүдә аўыр, жолымда қыйыншылық ҳәм азап-ақыретлер көп. Толқынға қарсы сүзиўден шаршадим. Не қылайың, аға айтың?
Жуўап бериў орнына әкеси үш сырлы ыдысты суўға толдырып, ортаға қойды. Ыдыслардың бирине гешир, екиншисине мәйек ҳәм ақырғысына кофе дәнешелерин салды ҳәм оларды қайнатты.
— Не өзгерди? – деп сорады қызынан.

— Гешир ҳәм мәйек қайнады, кофе болса езилди, — деп жуўап берди қыз.

— Жоқ, қызым, бул тек ғана олардың сыртқы өзгерислери. Жақсылап қара, қатты гешир суӯда қайнап жумсақ ҳәм езилиӯшең болды. Суйық ҳәм сынғыш мәйек қатты болып писти. Сыртқы көринисинен болса олар өзгергени жоқ. Тек ғана қайнаған суӯ тәсиринде иши өзгерди. Адамлар да тап сондай. Сырттан күшли болып көрингени менен унамсыз ӯақыя себепли сыныӯы мүмкин. Күшсиз көрингенлери болса керисинше, кыйыншылық себепли және де мәрт, күшли болыӯы мүмкин.

— Кофе-ше? –  деп сорады қызы.

— Әне! Бул ең тийкарғысы!

— Кофе дәнелери болса езилип, жағымлы ишимликке айланды. Хеш кимге уқсамаған адамлар бар. Олар қыйыншылық себепли өзгермейди. Қайтама өзине ҳәм басқаларға пайда келтириӯ ушын ҳәрекет етеди.

Негизинде бәрше қыйыншылықлар бизиң қыялымызда. Оларды жеңип өтиӯ ҳәм тәғдиримизди изге салыӯ қолымыздан келеди. Соның ушын, сабыр-тақатлы бол, қызым, — депти әкеси қызына.

Өзбек тилинен
Саламат Авезов
аӯдармасы

«Қарақалпақстан жаслары» газетасы
29-сентябрь, 2016-жыл №38 (7898)

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top