Сана: 05.09.2016 16:01 | Муаллиф: Светлана Жалменова | Рукн: Кичик ҳикоялар
Бир қайықшының кишкене қайығы бар екен. Қайықтың еки ескеги болып, олардың биреӯинде «нийет», ал, екиншисинде болса «ҳәрекет» деп жазылған. Қайыққа минген адамлар бул жазыӯлар себебин сораса, қайықшы былай жуӯап берипти: «Егер мен тек ғана «нийет» деп жазылған ескекти ҳәрекетлендире берсем, онда қайығым бир орында турып айланып тура береди. Ал, егер тек ғана «ҳәрекет» деп жазылған ескекти ҳәрекетлендирсемде сол аҳӯал тәкирарланады
Сана: 04.09.2016 22:37 | Муаллиф: Светлана Жалменова | Рукн: Кичик ҳикоялар
Физикалық имканиятлары шекленгенине қарамастан пүткил дүньяға ержүреклилик, сабыр-тақатлылық, мийнет ҳәм турақлы ҳәрекет үлгиси бола алған инсанлар бар. Олар басқалардан парықлап туратуғын кемшилигин бахытсызлыққа тийкар деп емес, бәлким ахӯалды барлығынша қабыл етип, оны бахытқа алып барыӯшы жол сыпатында пайдаланбақта.
Ник Вуйчичтың келбети актерлыққа арзыйды, бәлким белгили актерда болармеди, егер аяқ-қоллары болғанда...
Сана: 25.08.2016 11:17 | Муаллиф: Светлана Жалменова | Рукн: Кичик ҳикоялар
Бир кишкене қыз еки қолына еки дана алма услап турар еди. Сол пайыт анасы кирип келди ҳәм жүзинде күле шырай мыйық тартып әсте қызынан сорады:
«Шүкирим мениң, анажаныңа усы алмалардан биреӯин бересең бе?»
Сонда қыз анасына бир мүддет қарап турды да, алманың биреӯин бир тиследи ҳәм тезде екинши алмадан да бир тислем жеди. Буны көрген анасының жүзинде суӯықлық пайда болып, пысы қурыды.
Сана: 13.08.2016 15:14 | Муаллиф: Светлана Жалменова | Рукн: Кичик ҳикоялар
Өткен күнлердиң биринде бир қыз турмысқа шықты ҳәм ол ери ҳәм қәйненеси менен бирге жасайтуғын еди. Таза түскен келин ҳәр күни турмыс жолдасы ҳәм қәйненесиниң хызметинде болды. Күнлерден бир күни жас келинниң қәйненеси оның исинен, хызметинен қәте-кемшилик таўып кемсите бериўи, нәсиятлай бериўи жанына тийди. Сол себепли келин қәйненесинен қутылмақты нийет етти.
Сол қара нийети менен үйинен шыққан келин ҳәр қыйлы дәрилик шөплер менен саўда ислеўши бир кексе адамның алдына келипти ҳәм былай депти:
Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...