Саламат Авезов

| |

Таржимонлик маҳорати

  • Ҳақыйқый дослық

    Сана: 11.11.2016 12:17  |  Муаллиф: Светлана Жалменов  |  Рукн: Таржимонлик маҳорати

    Урыс ўақтында бир әскер саўаш майданында қалып кеткен жарадар болған шеригин алып келмекши болады. Бирақ, оған капитан былай дейди: «Енди пайдасы жоқ, қой,  достың әллеқашан өлген шығар бул ўақытқа шекем».  Бирақ, әскер бәрибир саўаш майданына барды ҳәм жорасын өзи менен алып қайтты.

  • Нәпси бәлеси

    Сана: 07.11.2016 12:17  |  Муаллиф: Светлана Жалменова  |  Рукн: Таржимонлик маҳорати

    Күнлерден биринде бир адам жумыстан жақсы көтериңки кейпият пенен қайтып киятыр еди, себеби оған еки күнлик дем алыс берилди. Машинасында барар екен, ол тезирек үйине жетип алыўды ойлады. Дәрбент көшениң кесилиспесине жеткенде кескин машина тормозының даўысы еситилди. Ол бийқастан адам қағып алды. Машинадан түсип, оның жерде қанға боялып жатырған 10-11 жаслар шамасындағы балаға көзи түсип, оны дәрхал емлеўханаға жеткизди. Бала еле тири екен. Бас шыпакерге жолығып оның өсирин қутқарып қалыўын өтинип сорады.

  • «Сүйилген жүрек» (Болған ўақыя)

    Сана: 07.11.2016 19:40  |  Муаллиф: Светлана Жалменова  |  Рукн: Таржимонлик маҳорати

    Владимир Андреевич Алмазов белгили хирург шыпакер. 1950-жыллары медицина институтының 4-курсында оқыйтуғын еди. Институт клиникасына бир аўыр бийтап яғный жүрек кеселлиги (эндокордит) менен бир қызды жатқызды. Оның гөззаллығына ашық болған Владимир ҳәр күни сол қыздан хабар алып турыўға әдетленген еди. Бул кеселлик пенен адамлар көп жасай алмайды. Шыпакерлер бул қызды да узаққа бармайды деп ойлаған еди.

  • Зулымның зәҳәри

    Сана: 06.11.2016 12:17  |  Муаллиф: Светлана Жалменова  |  Рукн: Таржимонлик маҳорати

    Парсы шахларынан бири улына тәлим-тәрбия бериў ушын дана ҳәм тәжирийбели бир кисини устаз етип тайынлады. Оның мүнәсип сай-ҳәрекети менен шахзада илим ҳәм әдептен жетик камал тапты. Бир күни устазы оны себепсиз  қатты урды. Бала ер жетемен дегенше бул иси ушын устазынан ренжип, оған деген иш-ишинен кек сақлап жүрди. Қыялынан сол бир жөнсиз урылған таяқ сирә арылмады. Арадан нешше жыллар өтти, қартайған патша әлемнен өтти. Соң тахтқа шахзада отырды. Жаңа мәртебеге ерискен патшаның биринши жумысы устазын алдына шақыртыў болды. Оны саўалға тутты:

  • Ҳайӯан менен адамдың айырмашылығы

    Сана: 05.11.2016 21:39  |  Муаллиф: Саламат Авезов  |  Рукн: Таржимонлик маҳорати

    Орасан үлкен рус жазыӯшысы Инван Сергеевич Тургенев бир зыяпатқа мирәт етилди. Ҳәмме орындықлар бәнт екен, Тургенев дөгирегине қарап, шетректеги киширек бир столға отырады ҳәм алдына қойылған ыссы аӯқатты ише баслайды. Сол ӯақытта ханаға бир генерал кирип, қоллындағы аӯқат қойылған ыдысты көтерип өзине орындық излей баслайды, ашыӯ менен Тургеневтиң алдына келеди. Жазыӯшыны танымайды, оған орындықты босатырғысы келгенлиги ушын уятырмақшы болады:

  • Маған өтирикши анам керек

    Сана: 05.11.2016 13:10  |  Муаллиф: Саламат Авезов  |  Рукн: Таржимонлик маҳорати

    Сегиз жаслы баланың анасы (өлип) қайтыс болыпты. Ағасы перзентини ана меҳрисиз қыйналмасын, деп басқа ҳаялға үйлениӯге мәжбүр миннетли. Бир күни аға перзентини баӯырына басып, еркелеп сорады:
    — Тайшағым, жаңа анаң менен алдыңғы анаң арасында қандай айырмашылық бар?
    Бала гирбинсизлик (бийғибарлық) бенен жуӯап берди:
    — Алдыңғы анам маған өтирик сөйлейтуғын еди. Ҳәзирги анам болса ҳәмме айтқан гәплерини орынласамда. Бул маған унамай (жақпай) атыр.

  • Ҳикметли дүнья

    Сана: 03.11.2016  |  Муаллиф: Светлана Жалменова  |  Рукн: Таржимонлик маҳорати

    Бир күни улкен бир кеме теңизде апатқа ушырады. Ишиндеги адамлардан тек ғана бир адам тири қалды. Ол үлкен бир ағашқа асылған ҳалда жүзип, жақын ортада-ғы кимсесиз бир атаўға жетип алды. Ол сол атаўда кунелтер екен, ҳәр күни: «Әй, Қудайым маған мәдет бер», деп налыс етер, көзлери ҳәрдайым жийекте, бир де бмр кеме өтип қалар деп интизар күтер еди. Алладан бираз мүддет мәдет келмеген соң, тәғдирине тән берип, суӯда ығып жүрген кеме қалдықлары ҳәм ағашлардан көп қыйыншылықлар менен өзине бир үй-жай салып алды. Бул жайы оны жаўын-шашыннан ҳәм самаллардан асырар еди. Мине, және жаңа таң атты. Адэм өз әдетине көре, орнынан турып, бети-қолын теңиз суўына жуўып:

  • Сақыйлықты ана тәбияттан үйрениң

    Сана: 31.10.2016 12:22  |  Муаллиф: Светлана Жалменова  |  Рукн: Таржимонлик маҳорати

    Адамлар жолда өтип баратырып, бир қумырсқаның алдында турған таўдың тасларын желкесине артып, шетке тасып атырғанын көрипти. Оннан неге бундай ислеп атырғанын сорағынында:
    — Таўдың арғы тәрепинде анам бар, сол анамның алдына барып келиўим ушын таўдың ортасынан жарып өзиме жол излеп атырман, – депти.
    Адамлар:

  • 30 долларлық алма

    Сана: 23.10.2016 16:30  |  Муаллиф: Светлана Жалменова  |  Рукн: Таржимонлик маҳорати

    Бир адам «Майкрософт»қа жумыс излеп барыпты. Компаниядағылар электрон мәнзилиңизди қалдырың, өзлеримиз байланысқа шығамыз, бизге тазалаўшы (санитар) керек депти. Жаңағы адам компьютери де, электрон почтасы да жоқ екенлигин айтып шығып кетипти. Көшеге шықса, бир адам алма сатып отырған екен. Қалтасындағы 30 доллар ақшаға алма сатып алды ҳәм адамлары көп көшеге барып сатты. Еки сааттан соң оның ақшасы 5-6 есеге көбейди. Солай етип әсте-ақырын өз бизнесин баслады. Арадан ӯақыт өтти, ол енди супермаркетлер тармағын иске түсирди.

  • Ақылдың үстинлиги

    Сана: 21.10.2016 23:26  |  Муаллиф: Саламат Авезов  |  Рукн: Таржимонлик маҳорати

    Бина қурылысында ислеп атырған жас хызметкер барлығынан үстинлигини мақтана берипти, өзинен қартайған хызметкердиң устинен күлер еди. Оның бул қылығы кексе хызметкердиң жанына тийипти ҳәм:
    — Мейли, сениң менен бир ҳәпте айлығым күнине беллесемен, — деди. — Қасындағы бинаға арба менен сондай нәрсе алып бараман, сен оны арба менен қайтарып алып келалмайсан. Келистикпе?

  • Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

    Қидириш

    Хизмат кўрсатиш

    Асосий саҳифа

    Рукн

    Меҳр қўлларимизни чўзайлик

    Ўз ҳуқуқингизни биласими?

    Маълумотнома

    Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

    Ҳамкоримиз





    Б
    л
    и
    ц
    -
    М
    а
    ъ
    л
    у
    м
    о
    т

    Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
    Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
    Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
    Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
    Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
    Буржим: Арслон.
    Мучалим: Тўнғиз.
    Бавтафсил...

    Go to Top