Сана: 17.08.2016 13:02 | Муаллиф: Саламат Авезов | Рукн: Таржимонлик маҳорати
Ярым кешеде сәл кейипли үш дос чайханадан шықты.
— Машинаны мен айдайман, — деди Сардар. — Жол-жолекей сизлерди ҳәм үйиңизге апарып қояман.
Олар үлкен жолдан өтип, терекзар аралап баратырғаныңда, қарсынан бир киши шығып қолды. Оның көзи әззи болып, ҳәссеси менен сийпалап көрип адасқан жолыны табыӯға ҳәрекет етер еди.
— Ярым түнде бул адам не қылып жүрипти, — деди Сардар беписент.
— Кеширерсизлер, жақсылар, — деди көзи әззи киши, — адасып қалдым шамасы.
Сана: 08.08.2016 10:20 | Муаллиф: Светлана Жалменова | Рукн: Таржимонлик маҳорати
Лампочканы ойлап тапқан Эдисон балалығында бир күни үйине келип: «Мынаў мектеп администрациясынан хат!» деп анасына бир бет қағазды усынды. Анасының көзлери жасқа толып хатты кишкене ғана баласына оқып бере баслады: «Балаңыз дым, хәдден тыс қәбилийетли. Мектеп ол ҳәм оның бул қәбилийетлери ушын тарлық етеди.
Үйиңизде тәлим ала ғойсын!»
Сана: 07.08.2016 14:37 | Муаллиф: Светлана Жалменова | Рукн: Таржимонлик маҳорати
Бир күни бир ешек қудыққа түсип кетипти ҳәм адамларды жәрдемге шақырыў ушын бар даўысы менен аңқыра баслапты. Оның даўсын еситкен ийеси жуўырып келди ҳәм оны қудықтан шығарып алыў ушын қолынан келгенин иследи. Ешекти қудықтан шығарып алыудың хешбир шарасы жоқлығын түсинген ийеси сондай пикирге келипти; «ешегим әдеўир қартайып қалды, жақын арада кетип қалыўыда мүмкин, өзи олсыз да жаслаў ҳәм күшлилеу ешек сатып алайын деп жүр едим.. Қалаберсе бул қудық та әдеўир қурып қалды, оны қашшаннан бери көмип таслап, таза қудық қазыйын деп жүр едим. Неге енди бир оқ пенен еки қоянды урмайман?! Бирден ешек ҳәм қудықты көмип қояғойайын..» деп ойлапты.
Сана: 02.07.2016 11:46 | Муаллиф: Саламат Авезов | Рукн: Таржимонлик маҳорати
Бир қыз әкесиниң алдына келип сорады:
— Аға, мен шаршадым, өмирим жүдә аўыр, жолымда қыйыншылық ҳәм азап-ақыретлер көп. Толқынға қарсы сүзиўден шаршадим. Не қылайың, аға айтың?
Жуўап бериў орнына әкеси үш сырлы ыдысты суўға толдырып, ортаға қойды. Ыдыслардың бирине гешир, екиншисине мәйек ҳәм ақырғысына кофе дәнешелерин салды ҳәм оларды қайнатты.
— Не өзгерди? – деп сорады қызынан.
Сана: 10.05.2016 18:57 | Муаллиф: Shahnoza Allabergenova | Рукн: Таржимонлик маҳорати
Bala gezinde ataqlı oylap tabıwshı Tomas Edison jaqsı student bolmag’an edi. Onın’ ata-anası 3 aydan son’ mektepten shıg’arg’an ha’m onın’ anası u’yde oqıtqan, onın’ ta’jriybeleri ullı qızıg’uwshan’lıg’ı ha’m qa’lewi anasın tez-tezden ta’shwishke salatug’ın edi. Bir ku’ni ol a’kesinin’ garajını ot aldırıb ko’redi “Ne ju’zberetin ko’riw ushın”. Ol 10 jas gezinde, o’zinin’ jeke ximiyalıq labaratoriyasın qurdı. Ol aqsha tabıw ushın jergilikli poezdlarda sendvich ham gazetalar satqan labaratoriyasın ta’miynlew maqsetinde. Onın’ ata-anası ta’jriybelerine ha’m geyde u’yin dirildeytin partlawlarg’a ko’nigip ketken edi.
Сана: 06.05.2016 12:13 | Муаллиф: Саламат Авезов | Рукн: Таржимонлик маҳорати
Бир киши Суқраттан сорады:
— Сен ҳаққында достың маған не дегенини билесен бе?
— Ашықпа, — деп оны тохтатты Суқрат, — әӯелленбар, гәпиңди үш бара електен өткиз.
— Үш елек?
— Бир не деӯиннен алдын, гәпинди үш мәрте еле. Дәслеп ҳақықат елигинен өткезип ал. Гәпиңниң ҳақықат екенине исенесен бе?
— Жоқ, мен бар жоғы буны еситтим.
— Демек, бул гәптиң ҳақ яки наҳақ екенини билмейсен. Онда бул гәпиңди жақсы нийет елигинен өткизип көремиз. Мениң достым ҳаққында бирар бир жақсы гәп айтпақшымысан?
Сана: 01.05.2016 21:12 | Муаллиф: Саламат Авезов | Рукн: Таржимонлик маҳорати
Бир илимпаз өзи жазған китабыны Абу Али инб Синаға (мақтаныӯ ушын) көрсетти. Инб Сина китапты басынан ахырына дейин бетлеп көрип шықты ҳәм ийесине қайтарипти.
Сол күни илимпаз өз китабыны патшаға (Бухара әмири Нуҳ инб Мансурға) саӯға қылды. Әмир сорады:
— Бул китапты ким жазған?
— Буны мен жазғанман, — деди жаңағы илимпаз алым.
Ибн Сино кулимсереп:
— Жоқ, бул китапты мен жазғанман, — деди
Патша ҳайран қалып сорады:
— Буны қандай дәлилейсен?
Сана: 24.04.2016 18:28 | Муаллиф: Саламат Авезов | Рукн: Таржимонлик маҳорати
Түсинип-түсинбей бир нәрсеге ақлым жеткен еди: инсаният ҳариплерди, әлипбени ойлап тапқан екен, тыныс белгилерди де бийкарға ойлап таппаған. Италиялы бир жазыӯшы бар. Жанни Родари деген. Ертекши. Оның «Чиполлинаның ҳәдийселери» деген дөретпеси бар. Айтады, тыныс белгилери арасыннан сораӯ таң қалардай шығып кетти. Шығып кетти-те, көшеге шықты. Бир жайда үлкен төгин үйилип жатқан екен, соған барды-да, қыйсайып турып алды: «Не ушын?».
...Анаӯ мүйешке өтти. Бир ғарибти бир адам урып жатқан екен: «Не ушын?»...
Ол сол жаққа өтти, бул жаққа өтти. Сонда айтты, тыныс белгилерине уқсаған адамлар бар екен. Айырым адамлар көпноқатқа уқсайды. Айрым адамлар – үтир, айрымлар – ноқат, айрымлары болса, үндеӯ.Соннан кейин мен көпноқатлар қәдирине жеткенмен, улыӯма алғанда, тыныс белгилериниң.?
Сана: 10.04.2016 − 16:32 | Муаллиф: Саламат Авезов | Рукн: Таржимонлик маҳорати
Жаңа үйге көшер гезлери Томас балалық үйиниң ҳәр қарыс жерини көзден кеширди. Хызметкерлерден өзиңе қәдирдан нәрселерди машинаға абайлапғанша жүклеӯди өтиниш етти. Балалығында кийимлери сақлаңған шкафтың жоқарысынан анасының сүйикли қызыл реңли чемоданы шықты. Томас оны сақлық пенен стол үстине қойып, ашты. Анасына тийисли буйымлар арасынан шыққат сарғыш қағазды алды. Хат астына оның муғаллими қол қойған екен. Бул изма Томасға анасы менен байланыслы екенин еслетип жиберди.
...Ол пайтта Томас биринши класста оқыйтуғын еди. Сол күни муғаллими оған бир хат берип, анасының қолына услатыӯы зәрүрлиги тайынланған еди. Томас хатты анасына әкелип берди. Хатқа көз таслап атырған анасының қапа көзлеринде жас айланды, соң перзентин баӯырына алды. «Муғаллимим не жазған екен?» – қызықып сорады улы анасынан.
Сана: 10.04.2016 −14:38 | Муаллиф: Саламат Авезов | Рукн: Таржимонлик маҳорати
Данышпанларымыз бизди тынымсыз жақсылар менен сәӯбетлес болыӯыға ийтермелеп келген. «Сен маған сәӯбетлес достыңды айт, мен сениң кимлигинди айтаман», – дейди. Ҳәтте, қайтыс болғанда да жақсылар қасында жатыӯды әрман етеди. Неге сондай? Буның қандай ҳикмети бар? Ҳиндистанлы уллы алым, Уммат Ҳакими атын алған Ашраф Али Таҳанавийға жыйналыста бир қассап сондай сораӯ берип қалыпты. Ҳәзрет, тирилигинде тек жақсылар менен сәӯбетлес бол, өлгениңде ҳәм жақсылар қасында жат, деп көп айтасыз. Енди, тирилигинде сондай жол тутыӯ түсиникли ал, бирақ өлгеннен кейин инсан қай жерде жатыӯының не айырмашылығы бар? Ҳәзрет сораӯға жуӯап бермепти.
Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...