Сана: 03.08.2017 | Муаллиф: Зийўархан ХОЖАМУРАТОВА | Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы
Елимизде «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек» деген принципти әмелде жүзеге шығарыў, сондай-ақ, мүрәжатлар менен ислесиўдиң сапа жағынан түп-тийкарынан жаңа системасын жаратыў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 28-декабрьдеги «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў системасын түпкиликли жетилистириўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилген еди. Усыған муўапық, Өзбекистан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласындағы Халық қабыллаўханасында пенсия тәмийнаты бойынша мәселелер көрип шығылды.
Сана: 03.08.2017 | Муаллиф: Ш.МИРЗИЁЕВ | Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы
Өзбекистан Республикасы Президентиниң бийлиги
Елимизде кекселерге, пенсионерлерге, майыплар менен имканияты шекленген балаларға медициналық-социаллық жәрдемди шөлкемлестириў системасы жаратылды. Халықтың жәрдемге мүтәж қатламларын мәнзилли социаллық қорғаў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары сыпатында белгиленген.
Соның менен бирге, усы салада алып барылып атырған жумысларды қанаатландырарлы, деп болмайды.
Сана: 29.06.2017 | Муаллиф: Н.МӘМБЕТКАРИМОВ | Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы
Мәмлекетимизде халықтың жәрдемге мүтәж қатламларын социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, оларды ғамқорлыққа алыў мәселесине мудамы айрықша дыққат-итибар қаратылып, бул бойынша нызам ҳүжжетлери жыл сайын жетилистирилип барылмақта.
Сана: 20.06.2017 | Муаллиф: А.ОРАЗБАЕВ | Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы
Әдетте, пуқаралар қандай да бир әдилсизликке ушыраса, машқаласы унамлы шешилиўине көзи жететуғын кеңсениң есигин қағыўға үйренген. Өзбекистан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасы Төрткүл районлық Халық қабыллаўханасы усы жылдың 27-март күнинен баслап хызмет көрсетип баслады. Жумыс баслағалы берли, яғный, 9-июнь сәнесине шекем жәми 688 мүрәжат дизимге алынды. Усылардың 428 и жазба түрде болса, ал, 260 мүрәжат аўызеки.
Сана: 20.06.2017 | Муаллиф: Н.РЕЙПНАЗАРОВ | Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы
Өткен жыллар даўамында ислам мәдениятына тән болған ата-бабаларымыздан қалған мың жыллық тарийхқа ийе муқаддес орынлар, қойымшылықлар, мешит ҳәм медреселер қайта тикленип, олардың илимий мийрасы жас әўлад тәрепинен кеңнен үйренилмекте. Ислам дини нәўқыран әўладты тәрбиялаў, руўхыйлық ҳәм әдеп-икрамлылыққа шақырыў менен бир қатарда, оны жаман иллетлерден қайтарады. Сол себепли де жәмийетимиздиң миллий, мәдений-ағартыўшылық буўыны саналған Ислам дини ҳәзир руўхый әдеп-икрамлылық жақтан жетилисип өсиўимиздиң әҳмийетли дәреклериниң бири болып хызмет етпекте.
Сана: 14.06.2017 | Муаллиф: Марқабай ЖИЕМУРАТОВ | Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы
Президентимиз Шавкат Мирзиёев мәмлекетимиздиң ең шетте жайласқан районларына барып, медицина тараўына айрықша дыққат аўдарып атырғаны ҳәммени қуўандырады. Мәселен, жақында ол Әндижанда болғанында сол жердеги медицина тараўының басшыларына «Гейпара қыйын операцияларды Ташкентке жибермей-ақ, өзлериңизде ислеўге болмай ма!» деп олардың алдына жүдә жуўапкерли ўазыйпаларды қойды.
Сана: 12.06.2017 | Муаллиф: Д.АБИБУЛЛАЕВ | Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы
Өзбекистан Республикасы Президенти аппаратының физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиўди қадағалаў ҳәм муўапықластырыў хызмети тәрепинен республикамыз аймағында шөлкемлестирилген көшпели қабыллаўлардың гезектегиси Хожели районында болып өтти. Бул жерде Хожели, Нөкис районларының, Нөкис қаласының пуқаралары тийисли министрликлер менен ведомстволардың, кәрхана, шөлкем, мәкемелердиң басшылары тәрепинен қабыл етилип, олардың машқалалары, пикир ҳәм усыныслары тыңланды.
Сана: 11.06.2017 | Муаллиф: KRUZ.uz | Манба: KRUZ.uz
Олий Мажлис Қонунчилик депутатлари шу ойда Тўрткўл туманида аҳоли билан учрашиб уй-жой коммунал, йўл-транспорт, тиббиёт, таълим соҳаларидаги ҳақиқий аҳволни ўргандилар. Тўрткўл туманидаги "Ота юрт" ОФЙда депутат Зафар Ханиязов имконияти чекланган Гелдиев Жумабайнинг холидан хабар олиб, унга ногиронлик аравачаси олиб берилишига эришди.
Сана: 09.06.2017 | Муаллиф: ҚХА | Манба: KRUZ.uz
Алдын хабар еткенимиздей, Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик мәсләҳәтшиси Т.Худойбергенов республикамыздың Әмиўдәрья районында болып, көшпели қабыллаў өткерген еди. Халық пенен ашықтан-ашық сәўбетлесиўден соң, машқалалар менен мүрәжат еткен көплеген пуқаралар қатары районның «Наўайы» ҳәм «Басув» мәкан пуқаралар жыйынларының турғынлары – еки майып ҳаялға да жәрдем қолы созылды. 1964-жылы туўылған 1-топар майыбы Д.Ибодуллаева ҳәм 1996-жылы туўылған 2- топар майыбы Ж.Каримоваларға тигиў машиналары алып берилип,
Сана: 08.06.2017 | Муаллиф: Д.АБИБУЛЛАЕВ | Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы
Халқымыздың дәрт ҳәм тәшиўишлерин үйрениў, олардың күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларын шешиў мақсетинде орынларда көшпели қабыллаўханалар шөлкемлестирилмекте.
Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...