Сана: 19.03.2019 | Муаллиф: https://t.me/huqiqiymalimleme | Манба: https://t.me/huqiqiymalimleme | Ўқилди: 2753Шарҳ 0
Ҳүкиметтиң айырым қарарларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди (229-сан, 18.03.2019 ж.). Киргизилген қосымшаларға муўапық, ендигиден былай ис стажына ийе болмаған балалықтан майыплығы болған перзенти бар аналарға олар 55 жасқа жеткенинде социаллық напақа тайынланады. Бул напақа баланың майыплығы ҳаққында Медициналық-мәсләҳат комиссиясының медициналық жуўмағы ямаса мағлыўматнамасы тийкарында тайынланады.
Нызамшылыққа муўапық, I ҳәм II топар майыпларына, жасқа тийисли ямаса бағыўшысын жоғалтқанлық напақасы тайынланған напақа алыўшыларға, егер олар ҳақы төленетуғын исти орынлаўы ямаса дәраматтың басқа дерегине ийе болыўы мүнәсибети менен напақа төлеў тоқтатылатуғын еди.
Қарар менен бул тәртип бийкар етилди, яғный напақа алыўшы басқа дәрамат келтиретуғын ис пенен шуғылланыўы ямаса шуғылланбаўына қарамастан напақа төлеў даўам еттириледи.
Сондай ақ қарарға көре, ендигиден былай төмендеги товарлардың баҳалары мәмлекет тәрепинен тәртипке салынбайды:
Дерек: Huqiqiy ma'limleme
Толық атым-фамилиям: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туӯылған сәнем: 1983 жыл 27 июль.
Туӯылған жерим: Нөкис қаласы.
Мағлыӯматым: ТИТУ Нөкис филиалы «Хабар Технологиялари» факультети.
Қәнегилигим: Информатика ҳәм хабар технологиялары, Веб-дизайнер.
Буржым: Арыслан.
Мушелим: Тоңғыз.
Толық...