«Балалар церебраль ләңи» деген кеселлик бар екенин, бәлким көпшилик еситпеген шығар. Бул кеселликке шалынған жигит-қызлар ҳәм балалар жақсы биледи. Қаншелли қыйын болмасын, бундай қысыўметке бас ийип жасаў ушын гүресиў керек екенлигин аңлаўымызға көп ўақыт керек. Усындай инсанлар бар, олар өз дәртин жеңип шығыўға, нени алдына мақсет етип қойған болса оған ерисиўге ылайықлы.
«Детский Церебральный Паралич – (ДЦП), Балалар Церебраль Ләңи (БЦЛ)» усы кеселлик пенен кеселленген майып инсанлар ушын шөлкемлестирилген топар.
Егер сизиң перзентиңиз, жақынларыңыз, достыңыз усы балар церебрал параличи дәртинен қыйналғанлар болса, келиңлер түскинликке түспей, турмыслық тәжирийбелерден келип шыққан ҳалда кеңеслер менен усы жерде дослық сәўбетте боламыз.
Биз бирликте, татыўлықта, дослықта сырласамыз. «Детский Церебральный Паралич – (ДЦП), Балалар Церебраль Ләңи (БЦЛ)» ҳәмде имканияты шекленген басқада барлық майып досларымызды, соның менен қатар саламатлығымыз сақшылары болған пидәйы невропотолог шыпакерлерди шын кеўилден усы жерге шақырамыз. «ДМС – Дослар менен сырласамыз» топары.
Дүньяда елатлар, миллетлер көп. Олардың арасында физикалық имканияты шекленген майыплардың жасаў тәризи, дүнья қарасы түрлише. Бирақ, сондай инсанлар бар арамызда, олардың әтирапқа деген меҳир-муҳаббаты өзгелердикине усамайды. Оларда өмирге деген көз қарасы сыйқыр ҳәм меҳир менен толған. Олар мисли қуяш киби өзиниң бар жыллылығын әтирапқа бийминнет тәризде инәм ете алады.
Төрт мүшеси саў, өзи бийғарез рәўиште биймәлел ҳәрекетлене алатуғын, кеўлиндеги бар дәртин тилинде анық-тынық айта алатуғын адамларды көргенимде оларға ҳәмийше ҳәўес етемен. Усындай ўақытлары қыялыма бир сораў келеди: «Усы инсанлар өзлериниң қаншелли бахытлы екенин сезине аларма екен?»
Саламатлық ҳаққында гәп кеткенде имканияты шекленген инсанлардың арзыў-әрманлар қушағына қәншелли көмилип жасайтуғынын көпшилик көз алдына келтире алмаса керек нәзеримде. Бундай адамлар өзин тез оңлап алыўы, қыйыншылықларды жеңип өтиўи ушын сабыр-тақатлы болыўы аңсат емес, әлбетте. Усындай мәўритлерде кеселлик хазарынан көре, руўхый езилиў адамды көбирек күшсизлендиреди. Дөрегиңдегилердиң аянышлы нәзери ҳәм муңлы көринисин көрип турыўдан да аўыррақ азап болмаса керек.
Әзиз достым бул өмирди, турмысты барлығынша, қандай болса сондайлығынша қабыл етиң. Неге тек ғана денеңиздеги дәрт пенен жасап атырсыз? Әтираптағы кеўли кең инсанлар, яры-дослар, ҳәмме жақынларыңыз, жаңа досларыңыз Сиз бенен шын кеўилден сәўбетте болыўлары, кеўилдеги сөзлерди кеўил дәптерине көшириўге жетеклейди. «Соның өзи бахыттың тымсалы емес пе?»
«Сәлем, Атыңыз ким...?»
«Қайжерденсиз...?»
Шын кеўилден бир-бирине «ДМС – Дослар менен сырласыўлар» усындай усыныс бериўи кеңпейиллик белгиси, қәлип пәклиги ҳәм соның менен бирге саламат ақыл-сана үлгиси десек қәтелеспеген боламыз. Шынында да, кеўилден сырласыўлар түсинип болмас толқынланыўға бөлеп, өзгеше сезимлери менен жүреклер хаплығып урады. Хеш бир дәрт, ғам, қайғы олардың басларына сая салмасын. Ҳәмийше кеўиллери саў-саламат қәтержамлығы бул өмирге деген муҳаббатынан дерек.
Өмирдиң ғубарсыз мәўритлерин сезиниў, досларым менен дәртимниң шыпалы демлерин күтип жасаў, қәне енди кишкене болса да үмит ушқынларын көре алсам деген не-не арзыўларға көмилип жасап атырған майып жигит-қызлар арамызда аз емес.
Өмир татлы ҳәм гөззал инәм. Инсан пүткил өмири даўамында өмирден шийрин ҳәм бийминнет инәмлардан өз несийбесин алады. Оның қуўанышларын ҳәм тәшўишлрин көреди, ашшы-душшысын татады. Хақыйқатында да өмири даўамында көп нәрселер дуўшакерлеседи инсанға.
Тилегим тек ғана, тек ғана қуўанышлар қушағында кеўилли жасаў, шаңарақ әтирапында, жақынларымыз қасында, дослар әтирапында шын кеўилден жазысып сәўбетте болыўдан меҳирди аңлап жасаў несийп етсин!
Адамның керексизи болмайды. Ҳалық арасында көп айтылады бул сөз. Мақсетимиз бул сөздиң мазмун мәнисин аңлатыўдан ибарат...
Гүрриң-повестлерде гейде майып инсанлар образы ушырап қалады. Бирақ, мақаларда, интервьюларда олардың қатнасыўын дерлик көрмеймиз. Көше-күйде майып жигит-қызлар ҳәм балалардың жәмийетлик орынларда сәл аўдаңлаңқырап, арман-берман қәдем таслап қайжергедур баратырғанын яки қайжердендур киятырғанын көрип қаламыз.
Усындай ўақытлары саў адамлардың буны көрип әўели адам көрмегендей болып нәзер қадаулары яки мәс, руўхый кесел болса керек деп ойлаўлары кеўилди ренжитеди. Бираздан жақсылап қарап, хайранлықта майып екен-ғо деп, ара-арасында артына қарап қойыўлары бар гәп.
Соның ушын усы топардың дәслепки қаҳарманларының тийкарғы мақсети – мүшеси кемис яки кеўли кемтик майыпларды бирликке тартыў, бир-бири менен интернет арқылы электрон тәризде дөретиўшилик жумысларын жәнеде раўажландырыў, келешекке кең жайдырыў, өз дөретиўшилик, жаратыўшаңлық ислери менен өзгелер қәлбине кирип барыў . Олардың өмирге деген сүйиспеншилигин еле де арттырыў, саламатлық ең бийбаҳа байлық екенлигин ақыл-санасына сиңдириў, кеўлинен өтип атырған ишки дебдиўлерин, пәк қәлб сезимлерин басқалар менен бахтияр ҳалда бирге бөлисиўден ибарат.
«ДМС –дослар менен сырласамыз» топары бир-бири менен исенимли тәризде сәўбетте болып, усы меҳир қуяшының ҳәр ыссы нурынан дәртлерине шыпа тилеп, саўалып кетиўин күтип атырған кем кеўилли инсанлардың өмир ҳәм турмысын нурға бөлеў, абаданластырыў нийетинде шөлкемлестирилген топар.
Өмириңиздиң зымырап өтип баратырған ҳәр бир мәўритиниң қәдирине жетиң. Сизге мине усындай үлкен исеним тапсырылғанын сезинип жасаў – бул үлкен жуўапкершилик дегени. Досларыма күш – қуўат болатуғын, мәдет бағышлайтуғын, кеўлине үмит болатуғын сөзлерди таўып айтып қәлбин толқындыра алсам тәжип емес.
Перзентиниң қәстелениўи ата-ана ушын өмирдиң берген үлкен сынағы есапланады. Әсиресе, аўыр ҳәм даўасыз кеселликлер алдында өзмизди әззи ҳәм бийҳал сеземиз. Усындай қәстеликлерден бири бул балалар церебраль ләңи кеселлиги болып, баланың ҳәркетлениўи шекленген, күнделикли турмысқа араласыўы әдеўир мүшкил болады. Бундай жағдайларда ата-ана түскинликке түспей, өмирге басқаша көз қарас пенен қарап, перзентиниң кеўлинде үмит ушқынларын оята алыўы керек.
«Детский Церебральный Паралич – (ДЦП), Балалар Церебраль Ләңи (БЦЛ) – даўасы жоқ кеселлик, бирақ оны жеңиллетсе болады, егер ЕФТ – Емлеўши Физикалық Тәрбия менен шуғылланса ҳәмде кеселликтиң ең әхмийетли тәрепи бул қоршаған орталыққа бейимлестириў. Сонда ғана күтилген нәтийжеге ерисиў мүмкин.
БАЙЛАНЫСҚА КИРИСИЎ
Сәўбетте болыў ҳәм байланыс – бул өз пикир ҳәм қәлеўлерин билдире алыў, қәсте бармақлары менен компьютер клавиатурасындағы ҳәриплерди әсте ақырын териў, кеўил әндийшелерин өзи сыяқлы кеўли кемтик инсанлар менен байланыста болып, бирге бөлисиў бул ең қолайлы қуралдур.
Өзгелер менен пикир алысыў, руўхый мүтәжликлери менен сезим – туйғыларын билдире алыў ҳәр бир инсан ушын оғада әхмийетли. Церебраль ләң жигит – қызлар ҳәм балаларды тап усы сәўбетте болып турып байланысыў арқалы әтирапындағы саў-саламат инсанлар қатарына қосыў ҳәм ақылый жақынласыў жетиклигине ерисиў зәрүр.
Байланыстағы сәўбетлесиўдиң түрлери де көп. Телефон, жүзбе-жүз ҳәм интернет тармағы арқалы. Ал, имканияты шекленген майып инсанлар менен сәўбетте бул байланыс қуралларының ҳәммеси де қол келе бермейди. Көпшилик жағдайларда «Детский Церебральный Паралич – (ДЦП), Балалар Церебраль Ләңи – (ДЦЛ)» кеселлигине шалынған балалардың айырым формаларында түрлише кешеди. Бизге мәлим, бул жигит-қызлардың тиллеринде де нуқсан кемшиликлери бар.
Өзгелер менен сәлемлескиңиз, ҳал – ахўал сорасқыңыз, кеўилден сәўбетлескиңиз келеди. Деген менен, сәл аўдаңлап, жүрисиңде арман – берман қәдем таслап өмир аталмыш жолдың ҳәр бир бәндиргисинде бир тоқтап өтип усылай даўам етесең де, ал кейинги бәндиргилерин гөззал, шырайлы етиўге умтылғың келеди, бирақ бәрибир денеңдеги дәрт көпиринен ҳәрқанша урынсаң да өте алмайсаң. – әй, яқшы – дә, – деп бас шайқап қоябереди екенсең, адам.
Сонда да, ҳәр қандай жағдайда да адам үмит пенен келешекке қәдем таслаўы керек, сол бир нурлы келешектиң жарқырап турған мисли толған айдай үмит жибин кеўлимизге байлап жасаўды даўам ете беремиз. Үмит, үмит ҳәм және бир мәрте сол Үмит... Өмир – деген бир мәмлекет бар, Исеним – деген бир қаласы бар, Үмит – деген бир көшеси бар. Меҳрийбан Жаратыўшы Ийемиз инсан затын жарата турып, оның не қыйын жағдайларға түсиўин, оннан қалай шығып кете алыўын көрип – билип турады ҳәм Өзи қудиретли кәраматы менен бизге жәрдем берип, айдын жолларға деген жолымызды Үмит, Исеним, Ийман сезимлери менен жол көрсетип, аян берип турады.
Буның әпиўайы бир мысалы – қараңғы түнде жолға шықсаңыз жолыңызды аспандағы ай ҳәм жулдызлар жарытып турады. Қәдирданым Сиздеги қыйыншылықлардан шығып кете алыўыңыздағы «ай ҳәм жулдызыңыз» булар – сабыр-тақат, үмит, исеним ҳәм ҳәркет сыяқлы руўхый байлықларыңыздан өнимли пайдаланың.
Жаратқан Алла сиздей инсанды таңлап дәрт бергени бул да бир оның өзгеше талғамы, таңлаўы. Сизге берилген дәрт аталмыш инәмды арқалап, оған шыпа излеп күтип жасаў – уллы қәлб ийелерине тән қәсийет бул да. Демек, ҳәр бир жүрек төриндеги үмит ҳәм исеним менен жасаў бул ең әўели ата-аналарымыз алдында саў-саламат жүриўимизди тәмийнлейди. Хеш бир дәрт, қайғы, ғам олардың кеўиллерине сая салмасын. Өмирде тек ғана қуўаныш қушағында болып, социаль тармақлар ара «ДМС – Дослар менен сырласамыз» топары көлемимиз кеңейип, дослар менен мехир-мүриўбетимизди бөлисип отырыў несип етсин!
Кеңкеўил, меҳри дәрья дослар тапқаныңыз ҳәм олар менен шын кеўилден сырласқаныңыз, топарымызға ағза болғаныңыз ушын миннетдармыз!
Ҳүрмет пенен,
Балалығынан II-топар майыбы
Авезов Саламат Юлдашевич
Жеке веб-сайт: http://sa.kr.uz/
Топар ашылған сәне: 8-18-28-август 2014 ж.
Топар авторы: Авезов Саламат
Өзбек тилинен аўдарған:
I-топар майыбы
Светлана Жалменова
Толық атым-фамилиям: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туӯылған сәнем: 1983 жыл 27 июль.
Туӯылған жерим: Нөкис қаласы.
Мағлыӯматым: ТИТУ Нөкис филиалы «Хабар Технологиялари» факультети.
Қәнегилигим: Информатика ҳәм хабар технологиялары, Веб-дизайнер.
Буржым: Арыслан.
Мушелим: Тоңғыз.
Толық...