Сәне: 16.03.2020 | Автор: Саламат Авезов | Рубрика: ЖБО ушын имтиязлар
ӨЗБЕКИСТАН ЖОҚАРЫ БИЛИМЛЕНДИРИЎ МӘКЕМЕЛЕРИНЕ ОҚЫЎҒА ҚАБЫЛ ҚЫЛЫНЫЎДА ҚОЛЛАНЫЛАТУҒЫН ИМТИЯЗ ТҮРЛЕРИ
Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 14-майдағы “Жоқары билимлендириў мәкемелерине тест сынақлары арқалы қабыл қылыў системасыны жеделестирилиў бойынша қосымша шара-илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-4319-сан Қарарына муўапық майыплығы болған шахслар тест сынақларында қатнасыўлары ушын өндирилетуғын төлеминен азат етиледи.
Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 1-декабрдағы “Майыплығы болған шахсларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасыны түптен жеделестириў шара-илажлары ҳаққында”ғы ПФ-5270-сан Пәрманында кириў имтиҳанларында қатнасған майыплығы болған шахсларды жоқарғы билимлендириў мәкемелерине қабыл етиўинде жоқарғы билимлендириў мәкемелерине абитуриентлерди қабыл қылыўының улыўма қосымша рәўиште еки пайызлы мәмлекетлик гранты тийкарындағы квота ажратыў тәртибини енгизиў белгиленген.
МАЙЫПЛЫҒЫ БОЛҒАН ШАХСЛАР
Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 2-июндағы “Жоқары билимлендириў мәкемелерине майыплығы болған шахсларды қосымса мәлекетлик гранты квоталары тийкарында оқыўға қабыл етиў тәртиби ҳаққындағы Нызам”ға муўапық кириў имтиҳанларында топлаў мүмкин болған ең жоқары баллниң 30 пайызынан кем болмаған балл топлаған майыплғы болған (I ҳәм II топар) бўлган шахслар баллар кетме-кетлигине қатаң әмел етилген ҳалда, қосымша еки пайызлы мәмлекетлик гранты квоталары шеңберинде студентликке усынылады.
Дерек: МТО Қарақалпақстан Республикасы бөлими
Өзбек тилинен
Саламат Авезов
аўдармасы.
"Disability Rights" – Майыплығы болған шахслар ҳуқықы Арнаўлы топламы телеграм каналына ағза болың
© P.S.: Идея авторы: Саламат Авезов.
Балалығынан II-топар майыбы «ДЦП – (Детский Церебральный Паралич) - БЦЛ – Балалар Церебрал Ләңи)» диагнозы.
Толық атым-фамилиям: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туӯылған сәнем: 1983 жыл 27 июль.
Туӯылған жерим: Нөкис қаласы.
Мағлыӯматым: ТИТУ Нөкис филиалы «Хабар Технологиялари» факультети.
Қәнегилигим: Информатика ҳәм хабар технологиялары, Веб-дизайнер.
Буржым: Арыслан.
Мушелим: Тоңғыз.
Толық...